Буннан былай еркинен айырылған шахслардың жазаны орынлаў мәкемелеринде жазаны өтеў дәўиринде орынлайтуғын ҳәр қандай жумысы пенсия алыў ҳуқықын беретуғын мийнет стажы категориясына киргизилиўи мүмкин.

Сенаттың Илим, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў мәселелери комитети Жумысшы топарының мәжилисинде нызам ҳүжжетлерине пуқаралардың социаллық қорғалыўын және де күшейтиўге қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиўди нәзерде тутатуғын нызам жойбары додаланды.

Мәлим етилиўинше, нызам менен «Ижара ҳаққында»ғы нызамға ижарашының майып болып қалғаны ижара шәртнамасын тоқтатыў ушын тийкар болыўын бийкарлаўды нәзерде тутатуғын өзгерислер киргизилмекте.

Сондай-ақ, «Пуқаралардың мәмлекетлик пенсия тәмийнаты ҳаққында»ғы нызамға да бир қатар өзгерислер менен қосымшалар киргизилмекте. Атап айтқанда, еркинен айырыўға ҳүким етилген шахслардың жазаны орынлаў мәкемелеринде жазаны өтеў дәўиринде орынлайтуғын ҳәр қандай жумысы, егер жумыс орынланған дәўир ушын жазаны орынлаў мәкемеси тәрепинен социаллық салық төленген болса, усы жумыс түрин пенсия алыў ҳуқықын беретуғын мийнет стажы категориясына киргизиў нәзерде тутылып атыр.

Нызамға киргизилип атырған және бир жаңалық – пенсия тайынлаўды сорап мүрәжат етиў тәртиби жетилистирилип, пуқаралардың пенсия тайынлаў ушын мәмлекетлик хызметлер орайлары ямаса бирден-бир интерактив хызметлер порталы арқалы мүрәжат етиў ҳуқықы нәзерде тутылып атыр.

Буннан тысқары, пенсия муғдары рәсмий белгиленген ең кем тутыныў қәрежетлеринен аз болыўы мүмкин емеслиги белгиленбекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги