Ҳәзирги ўақытта Өзбекстан Саўда-санаат палатасының басшылығында республикамыздың бир топар исбилерменлери Германияның Берлин қаласында ҳәр жылы өткерилиўи дәстүрге айланған «Green Week – 2024»  халықаралық азық-аўқат ярмаркасында қатнаспақта.

Олардың арасында қарақалпақстанлы исбилермен, Өзбекстан Саўда-санаат палатасының белсенди ағзасы Баҳрам Юлдашев та бар.


– Ҳәзирги ўақытта Б.Юлдашев бизнес илажлар негизинде шөлкемлестирилген «В2В» ушырасыўларында қатнасып, балық жетистириў ҳәм оны қайта ислеўши Германияның «MOTTRA» фирмасы менен 2 миллион евролық шәртнама дүзиўге еристи,-дейди Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мәлимлеме хызмети баслығы Б.Худайназарова.

«Green Week – 2024»  халықаралық азық-аўқат ярмаркасындағы сөйлесиўлер даўам етпекте.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги