Европа Аўқамы Орайлық Азияда турақлы транспортты дерлик 1,5 миллиард евро муғдарындағы биргеликте қаржыландырыў арқалы қоллап-қуўатлайды. 29-январь күни Брюссель қаласында болып өткен Европа Аўкамы – Орайлық Азия тарнспорт байланыслары бойынша инвесторлар форумы шеӊберинде усы келисимге ерисилген.

Улыўма баҳасы 1,47 миллиард евролық келисим меморандумларына Европа инвестиция банки (EIB Global) ҳәм Қазақстан, Қырғызстан, Өзбекстан ҳүкиметлери ҳәм Қазақстан раўажланыў банки тәрепинен қол қойылған. Мәресимде Өзбекстан бас министриниӊ орынбасары Жамшид Хўжаев та қатнасқан.

Нәтийжеде ЕА Орайлық Азияда транспорт секторын модернизацииялаўға жәрдемлеседи. Жойбарларды қаржыландырыў қосымша капиталды қаратылыўы ҳәм турақлы транспорт жойбарларына 3 миллиард евро жәрдем тартылыўы күтилмекте. Европа инвестиция банки, сондай-ақ, региондағы жойбарларды қаржыландырыў бойынша узақ мүддетли глобал тәжирийбеси менен ортақласты. Соӊғы он жыллар даўамында бул банк дүнья бойлап транспорт бағдарында 136,5 миллиард евролық жойбарларды қаржыландырған.

«Бүгин қол қойылған келисим меморандумлары ЕА ушын да, Орайлық Азия ушын да имканиятлар жаратады. Биз саўда байланысларымызды ҳәр еки регион ушын пайдалы түрде беккемлеўге ҳәрекет етпектемиз. Бүгин халықаралық бирге ислесиўшилер 10 миллиард евро муғдарында миннетлеме алды. Бул болса саўда қатнасықларын раўажландырыў, коммерциялық алмасыў ҳәм турақлы транспорт жойбарларын күшейтиў, бирге ислесиўди жаӊа басқышқа көтериўге хызмет етеди», – деди Европа комиссиясы атқарыўшы вице-президенти Валдис Домбровскис.

Европа инвестиция банки вице-президенти Тереза Червинская банк инвестицияларын тек ғана экономикалық өсиўге емес, ал социаллық теӊликке де хызмет ететуғынын атап өткен,- деп мәлимлеме береди xabar.uz

Орайлық Азияда турақлы транспортты қоллап-қуўатлаў ЕА тәрепинен 2021-жыл 1-декабрьде қабыл етилген «Глобал дәрўаза» (Global Gateway) деп аталған жаӊа стратегия мақсетлерине сәйкес келеди. Усы баслама шеӊберинде дүнья бойлап санластырыў, климат, энергетика, транспорт, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў сыяқлы тараўларда ири жойбарлар әмелге асырылыўы режелестирилген.

2023-жыл 2-июнь күни Қырғызстанныӊ Чўлпоната қаласында өткерилген Орайлық Азия ҳәм Европа Аўқамы жетекшилериниӊ екинши ушырасыўында да «Глобал дәрўаза» стратегиясы шеӊбериндеги бағдарламалардыӊ әҳмийети айрықша атап өтилген.

Европа инвестиция банки ЕАныӊ кредит шөлкеми болып, Брюссель алға қойған сиясий стратегияларға сәйкес жойбарларды қаржыландырады. EIB Global болса усы банктиӊ қәнигелескен бөлими. 2027-жылға шекем банк «Глобал дәрўаза» шеӊберинде кеминде 100 миллиард евролық инвестиция киргизиўди мақсет еткен.

Қарақалпақстан хабар агентлиги