Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети “Шарўашылық хожалықларына сырт мәмлекетлерден импорт етилген нәсилли қарамал, қой ҳәм ешкилер ушын субсидия ажыратыў тәртиби ҳаққындағы режени тастыйықлаў ҳаққында” қарар қабыл етти.

Оған муўапық, шарўашылық хожалықларына сырт мәмлекетлерден импорт етилген нәсилли қарамал, қой ҳәм ешкилер ушын субсидия ажыратыў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланды.

Режеде шарўашылық хожалықларына сырт мәмлекетлерден импорт етилген нәсилли қарамалдыӊ ҳәр бир басына 2 млн сумнан, нәсилли қой ҳәм ешкиниӊ ҳәр бир басына 400 мыӊ сумнан субсидия ажыратыў тәртиби:

субсидия алыўшыларды қәлиплестириў, субсидия алыўшыларға қойылатуғын талаплар, субсидия ажыратыў ушын талап етилетуғын ҳүжжетлер ҳәм оларды көрип шығыў тәртиби белгилеп берилген.

Субсидия алыўшыға төмендеги талаплар қойылады:

Гөш ҳәм сүт бағдарындағы хожалықларға сырт мәмлекетлерден импорт етилетуғын нәсилли қарамаллардыӊ буўазлық мүддети 6 айға шекем болыўы, тири салмағы 450 килограммнан ҳәм туўыў ўақтында күтилип атырған жасы 30 айдан көп болмаўы ҳәм нәсиллендирилген нәсилли буға ҳаққында қосымша мағлыўматлар болыўы керек.

Сырт мәмлекетлерден импорт етилетуғын нәсилли қой ҳәм ешкилер төмендеги талапларға сәйкескелиўи шәрт:

дене дүзилиси- беккемлиги;

нәсилли қой ҳәм ешкилердиӊ жасы 6 айдан кем болмаўы.

Субсидия алыўшы мәмлекетлерден импорт етилген нәсилли қарамал, қой ҳәм ешкилерди кеминде 2 әўлад алғанға шекем сақлаўы шәрт.

ӨзА