Өзбекстан – БАӘ: бирге ислесиўде сезилерли жетискенликлерге ерисилмекте

Өзбекстан менен Бирлескен Араб Әмирликлери (БАӘ) арасында бирге ислесиўдиң барлық бағдарларында сезилерли жетискенликлерге ерисилмекте.
Соның ишинде, өз-ара товар алмасыў көлеми 2022-жылы 2,1 есеге артқан болса (518,6 миллион доллар), 2023-жылы бул көрсеткиш дерлик 21 процентке өскен (625,9 миллион доллар). БАӘ қатнасыўындағы кәрханалар саны 300 ге жетти.
Бул Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Норбоева ҳәм БАӘ Бәсекиге шыдамлылық кеңесиниң баслығы, Ҳүкимет ислери министриниң бәсекиге шыдамлылық ҳәм билим алмасыўы бойынша орынбасары Абдулла Носир Люта ушырасыўында атап өтилди.
Сәўбет даўамында бул бағдарда Ҳүкиметлераралық биргеликтеги комиссияның жумысын және де күшейтиў арқалы саўда көрсеткишлерин жақсылаў зәрүр екени атап өтилди.

Өзбекстан менен БАӘ арасында көп тәреплемели байланысларды, соның ишинде, саўда-экономикалық, социаллық ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўлардағы қатнасықларды және де раўажландырыў мәселелери көрип шығылды.
Ушырасыўда халықаралық рейтинг ҳәм индекслер менен ислесиў, Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиў ҳәм санлы технологиялар бағдарларында биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылды.
Сондай-ақ, усы жыл Өзбекстанда Жаслар ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў жылы деп жәрияланғаны мүнәсибети менен әйне жаслар менен ислесиў бойынша бирге ислесиўди және де кеңейтиў жоллары көрип шығылды.
Яғный, олардың билим алыўы, бәнтлигин тәмийинлеў, бир қатар алдынғы заманагөй тараўларда өткерилетуғын илажларда жаслардың қатнасыўын кеңейтиў, бир сөз бенен айтқанда, жаслардың ҳәр тәреплеме раўажланыўын тәмийинлеўге итибар қаратылады.
Н.Абдураимова, ӨзА