Исбилерменлер менен жаслардыӊ пикир-усыныслары тыӊланды

Әжинияз атындағы Нөкис мәммлекетлик педагогикалық институтында O’zLiDeP Қарақалпақстан Республикасы Кеӊеси тәрепинен “Депутат ҳәм исбилерменлер” форумы болып өтти.
Онда Олий Мажлис Нызамшылық палатасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ депутатлары, тийисли шөлкемлердиӊ басшылары, исбилерменлер ҳәм студент-жаслар қатнасты.
Форумда сөзге шыққанлар соӊғы жыллары мәмлекетимизде Жаӊа Өзбекстанды қурыў жолында барлық тараўларда әмелге асырылып атырған реформалар, “Өзбекстан – 2030” стратегиясында белгилеп берилген әҳмийетли ўазыйпаларға тоқтап өтти. Әсиресе, жасларга байланыслы мәмлекетлик сиясат бойынша олар ушын кәсипке, шет тиллерин оқытыў системасын жаратыў ҳәм интеллектуаллық потенциалын арттырыў, жаслардыӊ социаллық қорғалыўын күшейтиў, жумыссызлықты азайтыў, экономикада жеке сектордыӊ үлесин арттырыў, исбилерменлерге қолайлы шараят жаратыў мәселелери сөз етилди.
Атап өтилгениндей, киши ҳәм жеке исбилерменликти раўажландырыў мәмлекетимиз сиясатыныӊ тийкарғы бағдарларыныӊ бирине айланды. Себеби экономикалық реформаларда олардыӊ үлеси айрықша болмақта. Мәселен, бир исбилермен кеминде 5 жумыс орнын жаратады, жүзлеген адамларды исбилерменлик көнликпелерине үйретеди, усыныӊ есабынан шаӊарақларға ырысқы-несийбе киреди. Бунын ушын исбилерменлерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, оларға жетерли шараят жаратып бериў керек.
Президентимиздиӊ басламасы менен бул бағдарда кеӊ көлемли жумыслар алып барылмақта. Нәтийжеде исбилермен боламан деўшилердиӊ саны артып бармақта. Олардыӊ арасында жаслар менен ҳаял-қызлардыӊ бар екенлиги бәршемизди қуўандырады.
Илажда “САМО” бизнес раўажланыў орайыныӊ басшысы Азамат Қайпанов, “Vkusno_by_Seva” жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниӊ баслығы Дилноза Ешниязова ҳәм исбилермен Асель Қайповалар шығып сөёлеп, бизнесмен болыў ушын биринши гезекте жақсы басқарыў қәбилетине ийе болыў кереклигин, көбирек излениў, тынымсыз мийнет талап ететуғынын атап өтти.



Форум соныӊда белсене қатнасқанларға исбилерменлер тәрепинен бизнести баслаў бойынша керекли әдебиятлар тапсырылды ҳәм жаслар өзлерин қызықтырған сораўларына жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги