“GRÜNE WOCHE”: танысыў, тәжирийбе ҳәм бирге ислесиў

147

Усы жылдыӊ 19-28-январь күнлери Берлин қаласындағы “Grüne Woche” (Жасыл ҳәптелик) халықаралық ярмаркасында Өзбекстанныӊ миллий өнимлери көрсетилди.

Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги, Саўда-санаат палатасы ҳәм мәмлекетимиздиӊ Германиядағы елшиханасы жәрдеминде шөлкемлестирилген бул халықаралық илажға мәмлекетимиздиӊ 50 ден аслам жетекши кәрхана ўәкиллери қатнасты. Олар тәрепинен ярмаркада ҳөл ҳәм қайта исленген мийўе-палыз өнимлери, консерваланған өнимлер, түрли мийўе шербетлери ҳәм нектарлардан ибарат салқын ишимликлер, кептирилген мийўе, дәмли шөп, палызлар ҳәм кондитерлик өнимлери ҳәм басқа 192 түрдеги азық-аўқат өними усынылды. Сондай-ақ, олар ушын “B2B” ушырасыўлары өткерилди.

“Жасыл ҳәптелик” Германиядағы дәстүрий ярмаркалардан бири екенлигин атап өтиў керек. 1926-жылы Берлинде тийкар салынған бул азық-аўқат, аўыл хожалығы ҳәм бағшылық тараўында жетекши халықаралық саўда ярмаркасы бул рет 88-мәрте өткерилди. Онда дүньяныӊ 60 мәмлекетинен 1400ден аслам компания ҳәм фермер хожалықлары қатнасты.

Ярмаркада Польшаныӊ “Icon Group Sp.z.o.o.” компаниясы президенти Пиотр Карпинский еки мәмлекет арасындағы байланыслар ҳаққында өз пикирин билдирди.






– Биз Өзбекстаннан Польшаға кептирилген мийўе, пияз, картошка сыяқлы палыз өнимлериниӊ импорты менен шуғылланамыз. “Жасыл ҳәптелик” ярмаркасында барлық исбилерменлер бир жерде ушырасқанымыздан миннетдарман. Биз өзбекстанлы бирге ислесиўшилер менен импорттыӊ муғдарын көбейтиў, өнимниӊ баҳасы, қадақлаў ҳәм жеткерип бериў бойынша сөйлесиўлер алып бардық. Бул болса гезектеги бирге ислесиўге қойылған әҳмийетли қәдем болып табылады, – деди П.Карпинский.

Ярмарка шеӊберинде бир қатар илажлар да өткерилди. Азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы глобал форумы солардан бири. Онда 70 тен аслам мәмлекеттиӊ аўыл хожалығы министрлери ушырасты. Әҳмийетли тәрепи, Өзбекстан Республикасы аўыл хожалығы министри Иброҳим Абдураҳмонов басшылығындағы делегация усы форум ҳәм ҳәптеликтиӊ ашылыў мәресими, XVI аўыл хожалығы министрлери конференциясыныӊ илажларында қатнасты.

– Өзбекстан сыяқлы рәӊ бәреӊ мәдениятқа, ҳәр түрли тағамларға бай мәмлекетлерди оғада жақтыраман, – деди ярмарка мийманы Отто Шмидт. – Өзбекстан ҳәм Тәжикстан, қалаберди, Орайлық Азия мәмлекетлериниӊ Берлин халықаралық ярмаркасында қатнасыўы бул үлкен жетискенлик. Бул мәмлекетлердиӊ Европа базарындағы перспективасы оғада жоқары. Олар кейинги 20-30 жыллықта Берлин ярмаркасында өзиниӊ турақлы беккем орнын тәмийинлеўи мүмкин. Усы себепли де аўыл хожалығы тараўын және де раўажландырып, Европа аўыл хожалығы өнимлериниӊ базарындағы имканиятлардан пайдаланыў керек.

Ярмарка шеӊберинде бир қатар ушырасыўлар ҳәм тийисли келисимлерге ерисилди.

Насиба ЗИЁДУЛЛАЕВА,
ӨзА