Бүгинги әўлад ушын ибрат үлгиси (+видео)

199

30-январь – Өзбекстан Республикасының Биринши Президенти Ислам Кәримовтың туўылған күни.

Белгили мәмлекетлик ғайраткер, Өзбекстан Республикасының Биринши Президенти Ислам Кәримовтың халқымыз алдындағы уллы хызметлери ҳеш қашан умытылмайды. Самарқанд қаласындағы Ислам Кәримов көшеси ҳәм онда жайласқан Биринши Президентимиздиң мақбара-комплекси, саўлат төгип турған естелиги ҳәм бул көшеге жақын аймақта ол туўылып өскен шаңарақ бәрқулла зыярат етиўшилер менен толы екени бийкарға емес. Бул көшеде және бир әҳмийетли объект бар ҳәм ол Ислам Кәримовтың турмысы, әсиресе, оқыўшылық дәўириниң ең пәк мәўритлери ҳаққында сөз етеди. Бул  жер қаладағы 21-улыўма билим бериў мектеби жанында ашылған музей болып табылады.

Музейде тийкарынан Ислам Кәримовтың өмирине байланыслы сүўретлер орын алған. Биринши Президентимиздиң балалық, жас өспиримлик мәўритлери сүўретленген бул сүўретлер бүгинги әўлад ушын өзине тән ибрат үлгиси болып есапланады.












Әпиўайы оқыўшы – оқыў ҳәм дөгереклерде белсенди, алдынғылар қатарында. Жуўапкершиликти сезинген ҳалда оқыў, излениўден, мийнеттен қашпаған сол оқыўшы ўақыт келип мәмлекет басшысына айланды. Бул жас әўлад ибрат алса арзыйтуғын турмыс жолы. Сол себепли мектеп оқыўшылары тез-тез бул музейге барып, ғәрезсизлигимиздиң тийкарын салыўшысының өмир жолы, оқыўшылық дәўирлери менен танысып барады.

Сондай-ақ, музейде мектеп турмысына байланыслы әҳмийетли дәреклер орын алған. Бул да оқыўшыларға өтмиштеги билимлендириў процесслери менен бүгинги дәўирди салыстырған ҳалда дурыс жуўмақ шығарыўға түртки береди.

Алишер ИСРОИЛОВ (сүўрет, видео), ӨзА