Ҳәзирги ўақытта дийқанларымыз тәрепинен жетистирилген аўыл хожалығы өнимлериниң молшылығы ҳәм жердиң өнимдарлығы  атызлардағы тийкарғы жумысларды алып баратуғын техникалардың сазлығына да байланыслы болмақта.

Республикамыз бойынша аўыл хожалығы техникаларынан 917 шигит егиў сеялкасы, 1738 культиватор, 10334 тисли тырма, 1765 темир мала, 320 чизель бар.

– Бүгинги күнде аўыл хожалығы хызметкерлери тәрепинен оларға оңлаў жумыслары әмелге асырылып, егис мәўсимине шекем таярлаў бойынша ҳәрекет исленбекте,-дейди Аўыл хожалығы министрлигиниң аўыл хожалығын механизациялаў ҳәм агрохимия бөлиминиң бас қәнигеси Қ.Убейдуллаев.

Ҳәзирги ўақытқа шекем шигит егиў сеялкаларының 57, культиваторлардың 54, тисли тырмалардың 45, темир малалардың 58, чизельлердиң 53 проценттен асламы оңлаўдан шығарылды.





Орынлардағы аўыл хожалығы техникаларын оңлаў ҳәм егиске таярлаў жумысларының барысы үйренилип, қадағалаўға алынып, жумысларды еле де жеделлестириў бойынша тийисли тапсырмалар берилмекте.

Бул бағдардағы жумыслар даўам етпекте.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги