Китапханада шайыр бабамыздың 200 жыллығы белгиленди

Хожели районлық Мәлимлеме-китапхана орайында нураныйлар ҳәм мектеп оқыўшыларының қатнасыўында «Дүньяға бир келген дилўар шайырсаң» атамасында әдебий-музыкалы кеше болып өтти.
Кеше қарақалпақ әдебиятының белгили тулғаларының бири, қарақалпақ халқының Зийўар лақаплы шайыры Әжинияз Қосыбай улының 200 жыллығына бағышланып, онда китапхана хызметкерлери шайырдың қосықларынан оқып, ол ҳаққында кең түрде мағлыўматлар берилди.



Атап өтилгениндей, Әжинияз шайыр 1824-жылы Мойнақ районы аймағына қараслы «Қамыс бөгет» деген жерде орта ҳаллы дийқан хожалығында дүньяға келеди. Әжинияздың әкеси Қосыбай, анасы Нәзийра сөзге шешен, дилўар, өткир пикирли ҳаял болып, халық даналықларын, нақыл-мақалларды, ушырма сөзлерди, дәстанларды, терме-толғаўларды, халық қосықларын жақсы билген.
– Халқымыз арасында шайыр Әжинияз бабамыздың шығармаларын билмейтуғын адамның өзи жоқ. Кешеге қатнасқан оқыўшылар да Әжинияз бабамыздың қосықларынан айтып, кеўиллерге йош бағышлады. Оның «Ай әлип», «Бозатаў», «Бир пәрий» ҳәм басқа да қосықлары дерлик ҳәр күни ҳәр бир үйде жаңлап турады,-дейди орай директоры С.Сражова.
Әжинияз Қосыбай улы XIX әсирдеги қарақалпақ классикалық әдебиятының ең көрнекли ўәкиллериниң бири болып, оның дөретиўшилиги де өзине тән. Ол оғада оқымыслы, медресени айрықша тамамлаған ахун, улама, көркем сөз шебери сыпатында басқалардан айрылып өз дәўириниң прогрессив идеяларын жүзеге шығарған. Анық турмыс ҳақыйқатлығына шебер қурылған поэтикалық образлы ибараларды өткир ой-пикирлери менен тәсирли сәўлелендирген.
Кешеде белсене қатнасқан жаслар естелик саўғалар менен сыйлықланды.

Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги