Көрсеткишлерди жақсылаў мәселелери додаланды

285

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында 2023-жыл даўамында илимий-изертлеў жумысларын жетилистириў ҳәм инновациялық жойбарларды әмелиятқа енгизиў бағдарында исленген жумыслардың нәтийжелерин додалаў, сондай-ақ, халықаралық ҳәм миллий рейтинглерде институттың көрсеткишлерин жоқарылатыў мәселелерине бағышланған ашық сәўбетлесиў ҳәм семинар шөлкемлестирилди.

Илажда институттың илимий ислер ҳәм инновациялар бойынша проректоры Рохат Ешмуратов шығып сөйлеп, өткен жыл даўамында институт тәрепинен қолға киргизилген табыслар ҳәм нәтийжелер ҳаққында мағлыўматлар берилди.

Атап өтилгениндей, бүгинги күнде институтта 579 профессор-оқытыўшы жумыс алып барып атырған болып, соннан 26 илим докторы, 200 илим кандидаты ҳәм философия докторлары жасларға билим берип келмекте. 2023-жыл даўамында 3 илим докторы (DSc) ҳәм 27 философия докторы (PhD) өзлериниң илимий жумысларын қорғап шығып, институттың илимий дәрежелилик көрсеткишиниң 39 процентке жетиўин тәмийинледи. Институтта 122 таяныш докторант ҳәм 2 докторант оқып атырған болып, олар өзлериниң илимий-изертлеў жумысларын даўам етпекте.

Профессор-оқытыўшылар тәрепинен 21 монография баспадан шығарылып, халықаралық журналларда 347 мақала жәрияланған болса, соннан «Scopus» ҳәм «Web of Science» базаларында индексацияланған журналларда 86, республикалық илимий журналларда болса 350 илимий мақалалар жәрияланды.

Өткен жыл даўамында институтта улыўма 9 халықаралық ҳәм 9 республикалық конференция шөлкемлестирилди. Усы конференция топламларында 1100 ге шамалас илимий тезислер басып шығарылды.

2023-жыл даўамында институтта «Аралдың қурыған жерлеринде тәбийғый шараятта ҳәм интродукцияланатуғын Cinoglossum viridiflorum Pall. ex. Lexm. ҳәм Malacocarpus crithmifolius (Retz) C.A..Mey.диң агротехникасы» атамасындағы 963 миллион сумлық әмелий-инновациялық жойбар орынланды. Соның менен бирге, баҳасы 1,7 миллион сумлық 2 хожалық шәртнамасы әмелге асырылды.

2023-2024-оқыў жылы ушын институттың 15 студенти Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм атақлы мәмлекетлик стипендиялар таңлаўларының жеңимпазы, сондай-ақ, 13 студент институттың Әжинияз Қосыбай улы атындағы стипендия таңлаўы жеңимпазы болды.

Қәбилетли, зийрек студентлерди анықлаў, олардың басламаларын қоллап-қуўатлаў ҳәм хошаметлеў мақсетинде «Жаслар академиясы форумы», «Мениң стартап жойбарым», «TOP 10 Innovator», «Ideaton-2030 Uzbekistan» «Texnoways сыяқлы таңлаўлар, сондай-ақ, онлайн пән олимпиадалары өткерилди.

2023-жылдың октябрь айында Нөкис қаласында жоқары оқыў орынлары студентлери арасында математика бойынша Муҳаммед әл-Хорезмий атындағы II Халықаралық олимпиадасында бир студент 3-орынды ийелеген болса, институттың және бир студенти Сибирь математика олимпиадасында 3-орынды ийеледи. Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги менен биргеликте улыўма билим бериў мектеплериниң питкериўши класс оқыўшылары арасында химия-биология пәнлеринен көп басқышлы пән олимпиадасы шөлкемлестирилди.

Институтта билимлендириўдиң сапасын арттырыў, кадрлар таярлаўдың жаңа усылларын енгизиў мақсетинде халықаралық абырайлы жоқары оқыў орынлары ҳәм илимий-изертлеў орайлары менен нәтийжели байланыслар орнатылған.

Бүгинги күнде дүньяның «ТОП-1000»лық дизимине киретуғын 62 жоқары оқыў орны менен шәртнама ҳәм меморандумлар дүзилген болып, соннан 15 жоқары оқыў орны QS (Quacquarelli Symonds World University Ranks), THE (Times Higher Education) ҳәм ARWU (The Academic Ranking of World Universities) халықаралық рейтинглеринен орын алған.

Усы шәртнамалар тийкарында өткен жыл даўамында институттың 50 ден аслам профессор-оқытыўшылары сырт еллердеги жоқары оқыў орынлары ҳәм илимий-изертлеў орайларына қәнигелигин жетилистириў, семинар өтиў, илимий концеренцияларда қатнасыў, лекция оқыў ҳәм илимий стажировкаларға жиберилген болса, дүньяның «ТОП-1000»лық дизимине киретуғын жоқары оқыў орынларынан 14 профессор-оқытыўшы ҳәм қәнигелер институттың илимий-педагогикалық жумысларына шақырылды.

Жолға қойылған халықаралық байланыслар нәтийжесинде өткен жылдың май айында институтта дүньяның 10 ға шамалас мәмлекетлериниң абырайлы жоқары оқыў орынлары, илимий орайлары ўәкиллериниң қатнасыўында «Заманагөй талаплар шараятында педагогикалық билимлендириўдиң сапасын арттырыў» атамасындағы «IFTE-2023: Uzbekistan» халықаралық конференциясы, сондай-ақ, Россия ҳәм Қазақстан мәмлекетлеринен келген 10 ға шамалас профессорлар, археолог илимпазлардың қатнасыўында Нөкис районы аймағындағы Кердер мәдениятына тийисли Ҳайўанқала археологиялық комплексинде халықаралық-археологиялық илимий экспедиция әмелге асырылды.

Илажда, институттың халықаралық ҳәм миллий рейтинглердеги көрсеткишлерин жақсылаў бағдарында әмелге асырылыўы зәрүр болған жумыслар ҳаққында физиканы оқытыў методикасы кафедрасының профессоры, физика-математика илимлериниң докторы Баҳрам Явидов, анық ҳәм тәбийғый пәнлерди аралықтан оқытыў кафедрасының баслығы Полатбек Калхановлар тәрепинен семинар өткерилди.






Семинарда қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги