Руўхый жетиклик – раўажланыўға тийкар жаратады

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң География ҳәм тәбийғый ресурслар факультетинде Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутатлары Руслан Джумамуратов ҳәм Зумрад Бекатовалардың қатнасыўында «Депутат ҳәм жаслар» атамасында ушырасыў болып өтти.
Илажда Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң қәнигелери, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутатлары, университеттиң студент-жаслары, профессор-оқытыўшылар ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.
Ушырасыўда депутатлар тәрепинен өткен жылдың 22-декабрь күни Президент Ш.Мирзиёевтиң басшылығында болып өткен Республикалық руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық кеңесиниң мәжилисинде алға қойылған ўазыйпалар ҳәм басламалар ҳаққында мағлыўматлар берилип, бул бағдардағы жумыслардың кең көлемде ҳәм нәтийжели орынланыўын тәмийинлеў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Сондай-ақ, халықтың руўхый жақтан жетик ҳәм жоқары адамгершиликли пазыйлетлерге мүнәсип болыўы – өз гезегинде жәмийеттиң алға илгерилеўине, раўажланыўына тийкар жарататуғыны атап өтилди.
Бул басламалардың бүгингидей глобалласыў дәўиринде халықтың руўхый дәрежесин жоқарылатыў, елимизде жүз берип атырған жаңаланыўларда белсене қатнасыў, соның менен бир қатарда, өсип киятырған жас әўладты мәдений ҳәм руўхый қәдириятларымызға ҳүрмет руўхында тәрбиялаўда әҳмийети оғада үлкен.



Ушырасыўда депутатлар тәрепинен нызамшылық тараўындағы өзгерислер, жаңаланыўлар, қабыл етилип атырған пәрман ҳәм қарарлардың әҳмийети, усы процесслерде жаслардың қатнасы, орны ҳаққында мағлыўматлар берилди.
Ушырасыў даўамында қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги