Президенттиң басшылығында өткерилип атырған мәжилисте қурылыста жойбарластырыўды тәртипке салыў мақсетинде Қурылыс министрлигинде Жойбарлаў офисиниң дүзилетуғыны белгиленди.

Офис:

– баҳасы 10 миллиард сумнан жоқары жойбарларды ислеп шығыў процесинде олардың қәўипсизлик ҳәм энергияны үнемлеўге жуўап бериўин, баҳасы жасалма артып кетпегенин жойбарлаўшылар менен бирге баҳалап барады;

– ҳәр жылы мектеп, бақша, медицина, жол, ишимлик суўы ҳәм ыссылық тәмийнаты сыяқлы тараўлардың ҳәр биринде кеминде 2-3 тен үлги жойбарлар ислеп шығады.

Буннан былай, Жойбарлаў офисиниң усынысы болмаған жойбар ҳүжжетлери мәмлекетлик экспертизаға қабыл етилмейди.

Жуўапкерлерге ескирген 105 қурылыс нормаларын алдынғы сырт ел тәжирийбеси тийкарында қайта ислеп шығыў тапсырылды.

Бас прокуратураға қурылыс материаллары тараўында қазып алыўдан баслап, таяр өнимди тутыныўшыға жеткергенге шекем барлық процесслерде жасырын экономикаға шек қойыў бойынша система жаратыў ўазыйпасы қойылды.

Бюджет есабынан исленетуғын барлық сатып алыўлар Салық комитетиниң «Е-омбор» платформасы арқалы әмелге асырылатуғын тәртипти енгизиў, қурылыс материаллары классификаторы электрон платформасын иске қосыў бойынша да тапсырмалар берилди.

ӨзА