Президент  басшылығында өткерилип атырған мәжилисте атап өтилгениндей, әмелдеги жойбарлаў процесслери ҳәм қурылыс жумыслары «ресурс усылы»на тийкарланған.

«Ресурс усылы»нда 1 мектеп қурыў ушын қанша жумысшы керек, қанша жанылғы ҳәм неше техника жумсалады, техниканың түри қандай болыўы керек, деген жүзлеген шәртлер киргизилген.

«Көлем усылы»нда болса жумысты бөлип алып ислейтуғынлардан жуўмақлаўшы нәтийже соралады. Әҳмийетлиси, қурылысшы объектти өз ўақтында ҳәм сапалы тапсырса болды.

Буннан тысқары, жойбар, тендер, қурылыс ҳәм объектти қаббылаўға байланыслы барлық процесслерде коррупция жағдайлары ушырасып атыр.

Буннан былай жойбарлаўдан баслап, объектти пайдаланыўға тапсырыўға шекемги барлық процесслер де, олардың қадағалаўы да жаңаша шөлкемлестириледи.

Бәринен бурын, келеси жылы 1-январьдан барлық жойбарлаў-смета ҳүжжетлерин таярлаў, жумысларды әмелге асырыў, сондай-ақ, оларды қабыллаўда «ресурс усылы»нан ўаз кешилип, «көлем усылы»на өтиледи.

Бул тәртип 1-июльдан жол, ишимлик суўы ҳәм көпир қурылысының жойбарларында енгизилетуғыны белгиленди.

ӨзА