Ижарада жасайтуғын студентлердиң жасаў жағдайлары үйренилмекте

Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалында бүгинги күни «Студентлер үйи»ниң жоқлығы себепли, студентлердиң басым көпшилиги ижара шәртнамасы тийкарындағы турақ жайларда жасап, билим алмақта.
Қыс айларында жылытыў үскенелерине болған талаптың артқанлығын инабатқа алған филиал басшылары ижарада жасап атырған студентлердиң үйлеринде жүз бериўи мүмкин болған өрт ҳәм газден зәҳәрлениўдиң алдын алыў мақсетинде, олардың ҳал-жағдайларынан турақлы түрде хабар алмақта.



Жақында «Спорт түрлери» факультети деканы Д.Нурышов, декан орынбасары, тюторлар ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасының киши сержанты Н.Бекмуратов пенен биргеликте ижарада жасап атырған студентлердиң жағдайларынан хабар алып, оларға газ ҳәм жылытыў үскенелеринен пайдаланғанда нелерге итибар бериў кереклиги ҳаққында түсиндириў жумысларын алып барды. Турақ жайда газ ийисин сезгенде өзлерин қалай тутыўы кереклиги ҳәм Айрықша жағдайлар басқармасының қысқа номерлерине хабар бериўи бойынша мағлыўматлар берди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы