Жаңа спорт зал пайдаланыўға тапсырылды

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 22-январьдағы «2022-2024-жылларда Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм өндирислик инфраструктурасын раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық, Нөкис қаласы Жипек жолы МПЖ аймағынан 18х36 метрлик өлшемдеги сендвич панелли спорт залы қурылысы әмелге асырылған еди.
Тийисли тараў басшылары ҳәм аймақ турғынларының қатнасыўында бул объект салтанатлы түрде пайдаланыўға тапсырылды.
Спорт мектебиниң ашылыўында Өзбекстан Республикасы Спорт министриниң орынбасары Дурдона Рахимова ҳәм басқалар шығып сөйлеп, бул спорт залда келеси жылларда елимиздиң абырайын еле де жоқары көтериўши Жәҳән, Азия чемпионлары жетилисип шығыўына тилеклеслик билдирилди.




Илажда қатнасыўшылар спорт залда спортшылар ушын жаратылған шараятлар менен танысты.
Спорттың жеңил атлетика спорт түрлери бойынша қәнигелестирилген спорт залында спортшылар тийкарынан спорттың бадминтон, волейбол ҳәм баскетбол түрлери менен шуғылланады. Онда 100 ден аслам спортшылар турақлы түрде шуғылланыўы ушын кең мүмкиншиликлер жаратылған.




Сондай-ақ, мәҳәлле жасларының бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестирип, олар арасында турақлы түрде спорт жарысларын өткерип барыўы ушын Қарақалпақстан Республикасының 452 мәҳәлле жаслар жетекшилерине «Президент саўғасы» спорт ивентарлары тапсырылды.
Саўғаларды Өзбекстан Республикасы Спорт министриниң орынбасары Д.Рахимова тапсырып, ҳақыйқый қәбилетли жаслар мәҳәллелерден жетилисип шығатуғынына исеним билдирди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги