Ең әҳмийетлиси – халықтың пикири

201

Депутатлар тәрепинен орынларда әмелге асырылып атырған қурылыс-оңлаў жумыслары менен танысыў, үйрениў ҳәм қадағалаў, халық пенен ушырасыўлар өткерип пикир-усынысларын тыңлаў бағдарындағы илажлар даўам епекте.

Тахтакөпир районы «Айдын жол» МПЖ аймағындағы 2-санлы улыўма билим бериў мектебинде Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты Б.Алдамуратов, ӨзЛиДеП партиясының районлық Кеңеси аппарат баслығы З.Жубанышов, депутат Қ.Елмуратовлардың қатнасыўында ушырасыў болып өтти.

Ушырасыўда депутат Б.Алдамуратов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, 2023-жылдың 22-декабрь күни Президентимиздиң басшылығында Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық кеңесинде өткерилген мәжилисте Президентимиз  тәрепинен руўхыйлық өмиримизде жаңа күш, жаңа ҳәрекетке айланыўы зәрүр екенлиги айрықша атап өтилгенлигин айтып, бул бағдарда алда турған тийкарғы ўазыйпалар ҳаққында пикир-усыныслар билдирилди.

Сондай-ақ, жаслар тәлим-тәрбиясында Президентимиз тәрепинен алға қойылған ўазыйпалардың әҳмийети ҳәм жасларды миллий ҳәм улыўма инсаныйлық идеялар тийкарында тәрбиялаў бағдарында қойылған ўазыйпалар, қабыл етилип атырған пәрман ҳәм қарарлар, «Өзбекстан-2030» стратегиясының мазмун-мәниси, сондай-ақ, нызамшылықтағы өзгерислер ҳәм Өзбекстан либерал-демократиялық партиясы тәрепинен алып барылып атырған жумыслар бойынша да түсиниклер берилди.



Депутатлар мектепте әмелге асырылған капитал-оңлаў жумысларының барысы менен де танысып, тийисли мәсләҳәтлер берилип, қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги