Өзбекстанның Дубайдағы бас консулы тайынланды

Өзбекстанның Дубай қаласында жаңадан тайынланған бас консулы Камол Икромов Бирлескен Араб Әмирликлери Сыртқы ислер министрлигиниң Дубай бөлиминиң директоры менен ушырасты ҳәм консуллық патентин қабыллап алды.
Бул ҳаққында «Дүнья» МА мәлим етти.
Шейх Ал Мактум жаңадан тайынланған бас консулды Әмирликлердеги дипломатиялық миссиясының басланыўы менен қызғын қутлықлады ҳәм оның дипломатиялық жумысында табыслар тиледи.
Сәўбет ўақтында Өзбекстан ҳәм БАӘ арасындағы еки тәреплеме қатнасықлардың бүгинги жағдайы ҳәм оны раўажландырыў перспективалары додаланды. Экономика, саўда, инвестиция, жоқары технологиялар, инновациялар, санаат кооперациясы, аўыл хожалығы, энергетика, транспорт, туризм, илим ҳәм мәденият тараўларында өз-ара бирге ислесиўди және де тереңлестириў перспективалары ҳаққында пикир алысты.
Камол Икромов Дубайға бас консул етип тайынланыўдан алдын, 2018-2023-жылларда Өзбекстанның Нью-Йорк қаласындағы бас консулы болып жумыс ислеген. Ол ҳәзирги ўақытта Өзбекстанның Дубайдағы Бас консуллығына 2019-2024-жылларда басшылық еткен Алишер Саломовтың орнына тайынланды.
Өзбекстан Бас консулханасының консуллық округине Дубай, Шаржа, Рас аль-Хайма, Ажман, Ум аль-Кувейн ҳәм Фужайра әмирликлери киреди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги