Саида Мирзиёева ЮНЕСКОның бурынғы Бас директоры менен ушырасты

188

Өзбекстан президентиниң жәрдемшиси Саида Мирзиёева ЮНЕСКОның бурынғы Бас директоры  Ирина Бокова менен ушырасты.

«Бүгин ЮНЕСКОның бурынғы директоры Ирина Бокова, «Оға Хон» фондының мәденият бойынша Үлкен мәсләҳәтшиси Франческо Бандарин ҳәм «Wilmotte & Accocies» архитектура бюросының Басқарыўшы директоры Борина Андрю менен ушырастық.

Онда жақын ўақыт ишинде Самарқанд қаласында қурылысы режелестирилип атырған «Уллы жипек жолы» музейиниң жойбар презентациясы менен таныстық. Сәўбет даўамында жойбардың өзине тән тәреплери, оны әмелге асырыў бойынша көрилип атырған таярлық жумыслары ҳаққында пикир алыстық», деп жазады Мирзиёева.

Сондай-ақ, ушырасыў даўамында Мырза Улығбек обсерваториясын реконструкциялаў жойбары да көзден өткерилген.

«Бул жерге келиўшилер ушын барлық қолайлықларға ийе болған инклюзив орталық жаратылады», деп атап өтти президент жәрдемшиси.

Қарақалпақстан хабар агентлиги