Уллы Британия Жәмийетлер палатасы Спикери менен бирге ислесиў перспективалары додаланды

Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Норбоева басшылығындағы делегация Уллы Британия Жәмийетлер палатасының Спикери Линдсли Хойл менен ушырасыў өткерди.
Өзбекстан ҳәм Уллы Британия қатнасықларының кең шеңбери, атап айтқанда, парламентлераралық байланысларды жеделлестириў, саўда-экономикалық, мийнет қатнасықлары, гендер теңлик тараўларында бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелери додаланды.
Еки тәреплеме қатнасықларда парламентлераралық сөйлесиўдиң әҳмийетинен келип шығып, бул бағдардағы байланысларды және де кеңейтиў ҳәм беккемлеўге тийкарғы итибар қаратылды.
Атап айтқанда, нызам дөретиўшилиги жумысы ҳәм парламентлик қадағалаў бағдарларында өз-ара тәжирийбе алмасыў, еки мәмлекет нызам шығарыўшылары арасында әмелий байланысларды жолға қойыў, бирге ислесиўге байланыслы мәселелерде ҳәм парламент қадағалаўы бағдарларында өз-ара тәжирийбе алмасыў, еки мәмлекет нызам шығарыўшылары арасында әмелий байланысларды жолға қойыў, бирге ислесиўге байланыслы мәселелерде «Өзбекстан – Уллы Британия» дослық топары имканиятларынан кеңнен пайдаланыў бойынша пикир алысты.
Сәўбет даўамында экономикалық бирге ислесиў мәселелерине де тоқтап өтилди. Мәмлекетимизде Британия тәрепиниң қатнасыўында 364 кәрхана жумыс алып барып атырғанын атап өтиў керек. Саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди кеңейтиў, Британияның жетекши компанияларын Өзбекстанға тартыў мәселелери көрип шығылды.
Онда таў-кән санааты, телекоммуникация, инфраструктура, фармацевтика, билимлендириў сыяқлы тараўлардағы жойбарларды әмелге асырыў зәрүр екени атап өтилди.
Сондай-ақ, сөйлесиў даўамында гендер теңлигине ерисиў, ҳаял-қызлардың ҳуқықлары, еркинликлери менен нызамлы мәплерин тәмийинлеў бағдарында биргеликтеги илажлар ҳәм бағдарламаларды әмелге асырыў арқалы бирге ислесиўди жолға қойыў усынысы алға қойылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги