Олий Мажлис Сенатының Баслығы ЕТРБ президенти менен ушырасты

Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Норбоева Лондонға әмелий сапары шеңберинде Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банкиниң президенти Одил Рено-Бассо менен ушырасыў өткерди.
Өткен жылы май айында Самарқанд қаласында Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки Басқарыўшылары кеңесиниң 32 жыллық мәжилиси табыслы өткерилгени, илаж кең додалаўлар өткериў ҳәм дүнья экономикасын турақлы раўажландырыў бойынша усыныслар ислеп шығыў ушын әҳмийетли майданға айланғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Өткен 6 жыл даўамында Өзбекстан ҳәм ЕТРБ арасындағы бирге ислесиў сапа жағынан жаңа басқышқа көтерилди. Бүгинги күнде Банктиң мәмлекетимиздеги жойбарлар портфели 4 миллиард евродан артпақта. ЕТРБ қаржылай жәрдеминде халықтың абаданлығын арттырыў ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратыў бойынша әҳмийетли жойбарлар әмелге асырылып атыр.
Өзбекстан банкиниң бес тийкарғы бирге ислесиўшиси қатарынан орын алды, жыллық инвестициялар көлеми бойынша мәмлекетимиз ЕТРБның Орайлық Азиядағы ең ири бизнес шеригине айланды.
Ушырасыўда Өзбекстан менен ЕТРБ арасындағы әмелге асырылатуғын биргеликтеги басламалардың бағдарлары додаланды.
Атап айтқанда, банктиң Өзбекстанға байланыслы стратегиясы шеңберинде жасларды илимий жумысқа кеңнен тартыў, инновацияларды, бизнес ҳәм исбилерменликти раўажландырыўға жәрдемлесиўге айрықша итибар қаратқан ҳалда оларды қоллап-қуўатлаў бағдарламасын ислеп шығыў усынысы билдирилди.
Сондай-ақ, гендер теңлик мәселелери мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдары екенинен келип шығып, ЕТРБ менен биргеликте аўыл ҳаял-қызларын кәсип өнерге үйретиў, исбилерменлик көнликпелерин қәлиплестириў бойынша бирге ислесиў перспективалары көрип шығылды.
О.Рено-Бассо ЕТРБның күни кеше тастыйықланған 2024-2029-жылларға мөлшерленген мәмлекетимизге байланыслы стратегиясы Өзбекстан 2030 стратегиясына толық сәйкес келетуғынын, онда Президент Шавкат Мирзиёев тәрепинен белгилеп берилген экономиканы жасылландырыў, инклюзивлик ҳәм гендер теңлик және санластырыў сыяқлы тийкарғы бағдарлар сәўлеленгенин айрықша атап өтти.
Ушырасыўда Ҳаял-қызлардың жәмийеттеги ролин арттырыў, гендер теңлик ҳәм шаңарақ мәселелери бойынша республикалық комиссия ҳәм Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки арасында Өз-ара түсинисиў меморандумына қол қойылды.
Меморандум ҳаял-қызлардың мийнет базарында имканиятларын кеңейтиў, бәнтлик тараўында гендер теңлигине ерисиў, кредит ресурсларынан пайдаланыў имканиятларын арттырыў ҳәм қаржы еркинлигин арттырыўды тәмийинлеўди нәзерде тутады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги