Кеше Қатарда өткерилип атырған футбол бойынша Азия кубогинде 1/8 финал ойынлары болып өтти.

Олардың биринде Австралия сайланды командасы Индонезия сайланды командасы менен ушырасып, оларды 4:0 есабында жеңип шығыўға еристи.

Ойынның 12-минутында индонезиялы Багготт күтилмегенде өз дәрўазасына гол урып қойды. Ал, 1-таймның 45-минутында Мартин Бойл геллеси менен гол урып есапты исенимли көриниске келтирген болса, 89-минутта Крейг Гудвин ҳәм 90+1 минутта Ҳарри Суттар австралиялылардың толық жеңисин тәмийинледи.

Сондай-ақ, бүгин 1/8 финал ойынлары шеңберинде Ирак-Иордания ҳәм Қатар-Палестина ушырасыўлары болып өтеди.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы