Нөкис қаласындағы 1-санлы спорт мектебинде Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлигине қараслы мәкемелер арасында спорттың мини футбол түринен “Министр кубоги” ашық турнири болып өтпекте.

Онда “Өзбекконцерт” мәмлекетлик мәкемеси Қарақалпақстан Республикасы бөлими басламасы менен шөлкемлестирилген турнирде 11 команда қатнасты.

Жарыстың ашылў салтанатында Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министриниӊ биринши орынбасары Б.Аллаков ҳәм басқалар сөзге шығып, тараў хызметкерлериниӊ ғалабалық спорт пенен турақлы шуғылланыўы ҳәм саламат турмыс тәризине әмел етиўи бойынша турмыслық көнликпелерди қәлиплестириў мақсетинде өткерилген жарыстыӊ әҳмийетине кеӊнен тоқтап өтти.

Жарыс жуўмағында  биринши орынды Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы, екинши орынды Қарақалпақ мәмлекетлик Жас тамашагөйлер театры, үшинши орынды Қарақалпақстан көркем өнер сарайы мәмлекетлик мәкемеси ийеледи.


Жеӊимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги