Өткен жылы Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги тәрепинен елимизде мәденият ҳәм көркем өнер тараўын раўажландырыў, миллий мәдениятымызды үгит-нәсиятлаў, оныӊ халықаралық майдандағы абырайын беккемлеўде белсендилик көрсетип киятырған тараў хызметкерлерин, талантлы жасларымызды хошаметлеў мақсетинде “Жаӊа Өзбекстан жулдызлары” миллий сыйлығы шөлкемлестирилген еди.
Қарақалпақстан Республикасынан талантлы бақсы қыз Улдәўлет Сәрсенбаева “Жылдыӊ еӊ жақсы бақсысы” номинациясы бойынша усы миллий сыйлықтыӊ туӊғыш жеӊимпазы болған еди.
Быйылғы жылы жеӊимпазлар қатары толысып, қарақалпақстанлы бир қатар дөретиўшилер миллий сыйлықтыӊ ийелерине айланды. Атап айтқанда, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрыныӊ актёры Азиз Назарымбетов “Абу Райхан Беруний” спектаклиндеги Беруний образы ушын “Жылдыӊ еӊ жақсы актёры”, елимиздиӊ талантлы қосықшысы Расул Сейтжанов (Жаноб Расул) “Жылдын еӊ жасқсы эстрада ер қосықшысы” деп табылған болса, Қарақалапақ мәмлекетлик Қуўыршақ театры М.Бегимовтыӊ “Шапан әпсанасы” спектакли ушын “Жылдыӊ еӊ жақсы қуўыршақ спектакли” номинациясы бойынша жеӊимпаз болды. Ал, талантлы бақсы Нөкис қаласындағы 22-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниӊ муғаллими Азамат Елмуратов “Жылдыӊ еӊ жақсы жас бақсысы” атанды. Қарақалпақстан Республикасы Көзи әззилер китапханасыныӊ директоры Алима Ахетова “Халыққа хызмет көрсеткен жылдыӊ еӊ жақсы китапханасы”, “Айқулаш” Қарақалпақ мәмлекетлик миллий фольклор ансамбли ойыншысы Дәўлетбийке Халилаева “Жылдыӊ еӊ жақсы ойыншысы” номинациялары бойынша хошаметлеўши сыйлыққа мүнәсип табылып, “Алғыснама” менен сыйлықланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги