Мысалы, бүгинги күнде жойбар шөлкемлери объект көлемин имканы барынша “исириўге” ҳәрекет етип атырғаны атап өтилди. Себеби, жойбар қанша қымбат болса, жойбарлаўшы сонша көп пул алады.
Бул ҳаққында Президент басшылығында өткерилип атырған мәжилисте мәлим етилди.
Сол себепли, айырым жойбарларда керексиз хызметлер, артықша салтанат қосып киргизилмекте.
Мысалы, 2023-жылы жойбарларда 3 триллион сумлық усындай керексиз қәрежетлердиӊ алды аланды.
Керисинше, үнемлеўге келгенде, қурылысшылардыӊ мийнет ҳақысы ҳәм тийкарғы қурылыс материлларыныӊ баҳасы базардан төмен баҳаларда есапланбақта.
Булардыӊ барлығы қурылысшы-жумысты бөлип алып ислеўшилерди “обнал” ҳәм “урлық” ислеўине, сапасыз қурылыс материлларын пайдаланыўына шараят жаратып атырғаны, “жасырын” қурылыс материллары базары пайда болғаны атап өтилди.
Ҳәким ҳәм прокурорлардыӊ жағдайға итибарсызлығы қатты сынға алынып, олардыӊ бул бағдардағы қатаӊ жуўапкерлиги белгиленди.
ӨзА