Зәҳәрлениў жағдайларыныӊ алдын алыўға бағышланды

Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалында газден зәҳәрлениў сыяқлы жағдайлардыӊ алдын алыўға бағышланған үгит-нәсият илажы болып өтти.
Онда Нөкис қаласы айрықша жағдайлар бөлиминиӊ қәнигелери тәрепинен студент-жасларға тәбийғый газдан ҳәм электр үскенелеринен пайдаланғанда қәўипсизлик қағыйдаларына қатаӊ әмел етиў бойынша түсиник берилди.

Атап өтилгениндей, қыс мәўсиминде халық арасында жылытыўға болған талап артады. Усыныӊ нәтийжесинде қәўипсизлик талапларына жуўап бермейтуғын жасалма ҳәм стандарт емес газ үскенелеринен пайдаланыў, газ коммуникацияларына резина шланглар арқалы жалғаныў, морылардыӊ насазлығы жағдайлары көбирек ушырасады. Бул унамсыз жағдайлардыӊ келип шығыўына ҳәм газден зәҳәрлениўге алып келеди.
Қәнигелер тәрепинен арнаўлы өрт-қутқарыў автомашиналары ҳәм техникалардыӊ жәрдеминде ижарада, көп қабатлы турақ жайларда жасаўшы студент-жасларға тәбийғый газден дурыс пайдаланыў, өрт ҳәм газден зәҳәрлениўдиӊ алдын алыў бойынша түсиник берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги