Гезектеги мәжбүрий аттестацияда қатнасатуғын педагоглар пул төлемейди

Министрлер Кабинетиниӊ 2021-жыл 17-сентярбьдеги 572-санлы қарары менен татыйықланған Реже талапларына бола, педагог кадрларды гезектеги мәжбүрий аттестациядан өткериў бойынша мәмлекетлик хызмет көрсеткенлиги ушын жыйым өндирилмейди.
Режеге тийкарланып, педагог кадрларды гезексиз аттестациядан өткериў бойынша мәмлекетлик хызмет көрсеткенлиги ушын:
– мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы мүрәжат еткенде, базалық есаплаў муғдарыныӊ 100 проценти ( ҳәзирги күнде 340 мыӊ сум);
– pedkadr.uzedu.uz платформасы арқалы мүрәжат етилгенде, базалық есаплаў муғдарыныӊ 90 проценти ( ҳәзирги күнде 306 мыӊ сум);
– бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы — my.gov.uz арқалы мүрәжат етилгенде, базалық есаплаў муғдарыныӊ 90 проценти (ҳәзирги күнде 306 мыӊ сум) муғдарда жыйым өнидириледи.
Еслетпе: Төлемлер гезексиз аттестацияда қатнасыў ушын дизимнен өтиў ҳәм мүрәжат жиберилип атырған ўақытта әмелге асырылады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги