Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 26-январь күни Қырғызстан Республикасы Президенти Садир Жапаров пенен телефон арқалы сәўбетлести.

Өзбекстан менен Қырғызстан арасындағы көп тәреплемели бирге ислесиўди және де раўажландырыў ҳәм кеңейтиўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.

Мәмлекет басшылары еки тәреплеме жақсы қоңсышылық ҳәм кең көлемли стратегиялық шериклик қатнасықлары бүгинги күнде жоқары дәрежеге көтерилгенин айрықша қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Мәмлекетлеримиз ҳүкиметлери, уйымлары, аймақлары ҳәм исбилермен топарлары арасында тығыз байланысларды даўам еттириў зәрүрлиги атап өтилди.

Өз-ара товар алмасыў көлемин арттырыў, машинақурылысы, электротехника ҳәм тоқымашылық тармақларында, аўыл хожалығы ҳәм басқа да әҳмийетли бағдарларда, сондай-ақ, биргеликтеги Раўажланыў фонды шеңберинде санаат кооперациясы жойбарларын алға қойыў бойынша биргеликте әмелге асырылып атырған илажлар қоллап-қуўатланды.

Мәдений-гуманитарлық бирге ислесиў бағдарламасын кеңейтиўге айрықша итибар қаратылды.

Өзбекстан ҳәм Қырғызстан жетекшилери Орайлық Азия регионындағы инфраструктура жойбарларын әмелге асырыў мәселелерин додалады, болажақ ушырасыўлар режесин көрип шықты.

ӨзА