Нызамшылық палатасының депутатлары жаслар менен ушырасты

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Мәденият сарайында O’zLiDeP Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң басламасы менен “Депутат ҳәм жаслар” атамасында ушырасыў болып өтти.
Онда партияның Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң хызметкерлери, ϴзбекстан Республиасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының депутатлары, профессор-оқытыўшылар, студент-жаслар ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Ушырасыўда тийкарынан нызамшылықтағы соңғы өзгерислер, “ϴзбекстан – 2030” стратегиясындағы 5 әҳмийетли бағдар ҳәм ондағы 100 мақсеттиң мазмун-мәниси, бул бағдарда жасларға қаратылған итибар, әсиресе, барлық тараўлар сыяқлы жоқары билимлендириўге қамтып алыўды кеңейтиў, жоқары оқыў орынларының шөлкемлестириў-басқарыў жумысын жетилистириў, олардың материаллық-техникалық тәмийнатын беккемлеўге қаратылған итибарға тоқтап өтилди. Сондай-ақ, жас изертлеўшилердиң үлесин арттырыў, барлық тараўларда инновациялық жумысты енгизиў, илимий-изертлеўлерди ҳәм инновациялық басламаларды қоллап-қуўатлаў мәселелери додаланды.

Атап өтилгениндей, соңғы жыллары мәмлекетимизде жаслардың ҳуқықый билимин жетилистириўге айрықша итибар қаратылмақта. Бундай ислердиң негизинде ең дәслеп, жас әўладты жәмийетимиз турмысында сиясий жақтан белсенди, өзиниң пикирин еркин айта алатуғын, ҳуқықый мәденияты жоқары инсан сыпатында тәрбиялаў, усы арқалы пуқаралық жәмийетин буннан былай да қәлиплестириў ҳәм раўажландырыў мақсети жатыр.
Президентимиз тәрепинен быйылғы жыл “Жаслар ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў жылы” деп белгиленди. Бул өз гезегинде келешегимиз болған жасларды исбилерменликке еле де көбирек тартыў, оларға жетерли имканиятлар бериўден ибарат.

Бүгинги күни жаслардың илим, жоқары технологияларды пухта ийелеўи ушын барлық шараят жаратылған. Жасларды турақлы жумыс пенен тәмийинлеўде олардың экономикалық еркинликке ерисиўи, турмыста өз орнын табыўында киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик тараўының раўажланыўы тийкарғы фактор болып хызмет етеди.
Депутатлар менен болған ашықтан-ашық пикирлесиў барысында жаслар өзлерин қызықтырған сораўларына жуўап алды. Соның менен бирге бир қатар пикир-усыныслар билдирилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.