Нөкис қаласы ҳәм оның әтирапындағы топырақ қурамы қандай екенин билесиз бе?

Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң Геология лабораториясы тәрепинен өткен 2023-жылы «Қарақалпақстан топырақларының физикалық-механикалық өзгешеликлерин анализлеў, Қарақалпақстанның шорланған жерлеринде қурылмаларды ҳәм имаратларды қурыў ушын инженерлик-геологиялық тийкарларын жаратыў» атамасында илимий-изертлеў жумыслары алып барылған.
Нөкис қаласы ҳәм Нөкис районы аймақларының топырақлары ҳәм суўларының шорланыўының инженерлик-геологиялық карталары ГАТ технологиялары жәрдеминде жаратылып, бул карталар топырақлардағы хлор, сульфат ҳәм биокарбонат дузларының ҳәм басқа барлық дузлардың қурамын көрсететуғын етип ислеп шығылған.
– Нөкис қаласының топырақлары тийкарынан хлорид типке кирип, олардың тек айырым жерлеринде сульфать-хлорид типиндеги шорланыўы анықланды,-дейди усы лаборатория баслығы, техника илимлериниң докторы Иззет Айымбетов.
Топырақлардағы шордың максимал қурамы килограмына 42560 миллиграмды қурайды. «Дослық» каналының шеп жағасы 3-10 есе шорланған. Топырақ суўларының шорланыўы литрине 254 миллиграммнан 32500 мг/л.ди қурайды.
Нөкис районының топырақлары ҳәм топырақ суўлары тийкарынан сульфат ҳәм хлорид-сульфат типке киреди. Топырақлардағы суўларда ериўшең дузлар 1981 ден 34860 мг/кг.ны, ал топырақ суўларында 497-8202 мг/л. ны қурайды.
Изертленген аймақлардың анализи күшли шорланған топырақлардың коллектор-дренаж системасы жоқ жерлерде екенлиги анықланды. Нөкис районы аймағындағы топырақлардың мағлыўматлар базасы Өзбекстан Республикасы интеллектуаллық мүлк агентлигиниң дизиминен өткерилди. Нөкис қаласы ҳәм Нөкис районы аймақларының 50 метрге шекемги тереңликте литологиялық кесимлери дүзилди. Нөкис қаласы ҳәм Нөкис районы аллювиал топырақларының максимал, минимал ҳәм орташа баҳалары анықланды.


Бул бағдардағы илимий жумыслар бойынша илимий журналларда жәми 9 материал берилди. Илимий-әмелий конференцияларға тийисли ҳәм басқа топламларда жәми 32 материал баспадан шықты.
Әдилбай Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги