Миллий мәдений орайларға Мәмлекетлик бюджеттен 20 млрд. сумға шамалас қаржы ажыратыў белгиленген

МҒКАда өткерилген брифингте Миллетлераралық қатнасықлар ҳәм сырт мәмлекетлер менен дослық байланыслары комитети баслығыныӊ орынбасары Азамат Тошевтиӊ мәлим етиўине бола, өткен жылы жаӊадан шөлкемлестирилген 3 миллий мәдений орайға Мәмлекетлик бюджеттен 20 млрд. сумға шамалас қаржы ажыратыў белгиленген.
Бүгинги күнде Миллетлераралық қатнасықлар ҳәм сырт мәмлекетлер менен дослық байланыслары комитети мәмлекетимиздеги 156 миллий мәдений орай, 38 дослық жәмийети ҳәм сырт елдеги 98 ўатанласлар жәмийети менен бирге ислеспекте.
Жәмийетте миллетлераралық татыўлық орталығын беккемлеў, сырт мәмлекетлер менен дослық байланысларын раўажландырыў ҳәм сырт елдеги ўатанласларды қоллап-қуўатлаўға байланыслы 1 нызам, 2 Президент қарары, 18 ҳүкимет қарары ҳәм бийлигиниӊ жойбарлары таярланды.
“Өзбекстан Республикасыныӊ миллетлераралық қатнасықлар тараўындағы Мәмлекетлик сыйлығын шөлкемлестириў ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ Қарары жойбары ислеп шығылды.
Ш.Маматуропова, ӨзА