ТМШ жанында Бәсеки кеӊеси дүзилди

Стамбулда Түркий мәмлекетлер шөлкемине ағза мәмлекетлер бәсеки структуралары мәжилиси болып өтти.
Өзбекстан ҳәм Түркия Саўда министрликлери, Әзербайжан, Қазақстан, Қырғызстан, Венгрия, Түркменстан ҳәм Арқа Кипр Түрк Республикасы бәсеки уйымлары ўәкиллери қатнасқан илаж ТМШ жанында Бәсеки кеӊесин дүзиў мақсетинде шөлкемлестирилди. Бул платформада бирдей бағытта жумыс алып баратуғын шөлкемлер арасында мәлимлеме алмасыў, глобал машқалаларға қарсы биргеликте гүресиў, бәсеки сиясаты ҳәм нызамшылығын ислеп шығыў, мәмлекетлер аралық интеграция ҳәм регионаллық бирге ислесиўди беккемлеў мәселелери додаланады.
Ушырасыўда ҳәр түрли презентациялар көрсетилди, шериклик жойбарлары додаланды.
Жуўмағында бәсеки уйымлары басшылары “Түркий мәмлекетлер шөлкеми жанында Бәсеки кеӊеси”н шөлкемлестириў ҳаққындағы ҳүжжетке қол қояды. Сондай-ақ, тәреплер Шуша қаласында Бәсеки форумын өткериўге келисип алды.
Г.Сатторова,
ӨзА