Жастин Бедфорд Өзбекстандағы миллий комиссияныӊ жумысын жоқары баҳалады

Олий Мажлис Сенаты Баслығы, Адам саўдасына қарсы гүресиў ҳәм мүнәсип мийнет мәселелери бойынша Миллий комиссия баслығы Танзила Норбоева Уллы Британия Бас министриниӊ Мәжбүрий мийнетти сапластырыў бойынша арнаўлы ўәкили Жастин Берфорд пенен сөйлесиў өткерди.
Ушырасыўда социаллық-мийнет қатнасықлары ҳәм халықты социаллық қорғаў тараўындағы еки тәреплеме күн тәртибиндеги мәселелер додаланды.
Арнаўлы ўәкилге мәмлекетимизде социаллық тараўларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде әмелге асырылып атырған реформалар, атап айтқанда, жаӊа редакциядағы Конституцияда бир қатар социаллық ҳуқықлар белгиленгени ҳаққында мағлыўмат берилди. Мәжбүрий мийнет ҳәм балалар мийнетиниӊ ҳәр қандай көриниси қадаған етилгени, қолайлы мийнет шараятларын жаратыўға хызмет ететуғын Мийнет кодексиниӊ жаӊа редакциясына тоқтап өтилди.
Сәўбет даўамында адам саўдасына ҳәм мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў тараўында өз-ара тәжирийбе алмасыў, усы бағдардағы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди жетилистириў, заманагөй қуллыққа қарсы гүресиў бағдарында бирге ислесиўди жолға қойыў бойынша пикир алысылды.
Британия тәрепи 2023-жылдыӊ ақырында Адам саўдасына қарсы гүресиў ҳәм мүнәсип мийнет мәселелери бойынша Миллий комиссия сыпатында қайта шөлкемлестирилген Адам саўдасына ҳәм мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў миллий комиссиясыныӊ жумысын жоқары баҳалады.
Тәреплер мийнет қатнасықлары тараўында жаӊа биргеликтеги жойбар ҳәм бағдарламаларды әмелге асырыў, алдынғы технологиялардан пайдаланыў ҳәм тараўға инновациялық усылларды енгизиў бағдарларында бирге ислесиўди жолға қойыўға таяр екенин билдирди.
Н.Абдураимова, ӨзА