Хожели жаслары әскерлердиӊ турмысы менен танысты

Хожели районынан келген жәми 42 улыўма билим бериў мектебиниӊ 400 ден аслам оқыўшысы ушын Арқа-батыс әскерий округинде “Ашық есиклер күни” шөлкемлестирилди.
Жасларда Ўатанды сүйиўшилик руўхын күшейтиў, оларда әскерий кәсипке болған мақтаныш сезимлерин оятыў, халық ҳәм армияныӊ бирлигин тәмийинлеў, оқыўшы-жаслардыӊ әскерий билимлерин жетилистириў мақсетинде шөлкемлестирилген саяхат даўамында мектеп оқыўшылары әскерий округтиӊ жумыслары, әскерий бөлимлерде әскерлер ушын жаратылған шараятлар менен танысты. Дәслеп оқыўшылар Нөкис гарнизоны әскерий оркестриниӊ атқарыўындағы музыка сеслери менен салтанатлы күтип алынды.
Буннан кейин Нөкис гарнизоныныӊ Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайында “Үш әўлад ушырасыўы” болып өтти. Онда бай турмыслық тәжирийбеге ийе ветеран- устазлар әскерий хызмет, оныӊ машақатлы ҳәм мақтанышлы жолы туўралы айтып берди. Жасларды бүгинги күнниң глобал машқаласына айланған “Ғалабалық мәденият”, дин нықаплары астында жәмийетимизге иритки салыўға бағдарланған қәўиплерден сергек болыўға шақырды. Ветеранлар менен жаслар биргеликте әскерий округ тарийхынан сөз ететуғын музей менен танысты.
Әскерий бөлимниӊ турмысы, әскерий хызметкерлер ушын жаратылған шараятлар менен оқыўшылар жақыннан таныстырылды. Ўатан қорғаўшылары менен болған ашықтан-ашық сөйлесиўлер барысында “Әскерий хызметкер болыў ушын не ислеў керек” сыяқлы өзлерин қызықтырған бир қатар сораўларға жуўап алды.
Әскерлер менен өткерилген “Зәкаўат” интеллектуаллық ойыны, шахмат бойынша дослық жарысы жасларда айрықша тәсир қалдырды. Бундай илажлар жаслардыӊ әскерий-Ўатанды сүйиўшилик руўхында ержетиўи, келешекте әскерий тараўда хызмет етиўи ушын әҳмийетли бағдар болыўы мүмкин.
Қарақалпақстан хабар агентлиги