Исбилерменлерге жаратылып атырған шараятлар түсиндирилди

Усы жылдың 26-январь күни Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил аппаратының Қарақалпақстан Республикасындағы секторы тәрепинен Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы менен биргеликте барлық қала ҳәм район ҳәкимлериниң жәрдемшилери, исбилерменлик субъектлери менен ушырасыў шөлкемлестирилди.
Оннан гөзленген мақсет Президентимиздиң усы жыл 9-январь күнги “Исбилерменлик тараўындағы мәжбүрий талапларды қысқартыў және лицензиялаў ҳәм рухсат бериў тәртип-қағыйдаларын әпиўайыластырыў илажлары ҳаққында”ғы пәрманының ҳәм “Исбилерменлик субъектлери тәрепинен мәмлекетлик уйымларға есабат ҳәм статистикалық мағлыўматларды усыныў системасын буннан былай да әпиўайыластырыў илажлары ҳаққында”ғы қарарыныӊ мазмун-мәнисин исбилерменлик субъектлерине жеткериў, оларға кеӊирек түсиник бериўден ибарат.
Илажда Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил аппаратының Қарақалпақстан Республикасындағы секторы бас инспекторы Е.Досанов, Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығының орынбасары М.Қосназаров усы пәрман ҳәм қарар бойынша кең түрде түсиник берди.



Атап айтқанда, исбилерменлик субъектлери ушын бийкар етилип атырған есабат ҳәм статистикалық мағлыўматлар, лицензия ҳәм рухсатнамалар, есабат ҳәм статистикалық мағлыўматлардың бирден-бир дизими, бизнеске лицензиясыз кириў арнаўлы режими енгизилип атырғанлығы ҳәм басқа қолайлықлар менен шараятлар ҳаққында мағлыўмат берилди.
Ушырасыў соңында исбилерменлик субъектлери өзлерин қызықтырған сораўларына жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги