Кеселликти жасырсаң, ысытпасы әшкара қылады

454

АИЖС-арттырылған иммунитет жетиспеўшилиги синдромы АИВ-инфекциясының ең соңғы терминал, яғный, өлим алды дәўири болып есапланады. АИВ/АИЖС вируслары тийкарынан адам организминдеги иммун токымаларды, иммун системаны зыянлағаны себепли адам организминде иммунитет жетиспеўшилиги пайда болады.

Адам организминде иммунитет жетиспеўшилиги себепли, екилемши инфекциялар ҳәм кеселликлер раўажланып, бул инсаннын өмирден ерте көз жумыўына алып келеди.

АИВ/АИЖСтиң пандемия түринде дүнья еллеринде кеңнен тарқалыўына, инфекция тийкарлары (наўқасланган адам, АИВ инфекциясының симптомлы ҳәм симптомсыз түрлери («вирус тасыўшылар») болыўы, олардың өзлериндеги вирусларды басқа адамларға жуқтырыўын даўам етиўи, «вирус тасыўшы» адамлар өзлеринде вируслар бар екенлигинен хабарсыз жағдайда вирусларды тарқатып барыўы, АИВ/АИЖС вирусларының өзине тән өзгешилиги, айрықша дүзилиси, генетикалық (антигенлик) қәсийетлерин тез-тез өзгертип барыўы, инфекцияның алдын алыўшы вакциналардың пайда етпей атырғаны ҳәм кеселликке қарсы, вирусларды пүткиллей набыт етиўши дәри-дәрмақлардың ҳәзирше жоқ екенлиги, усы инфекцияның минез-қулқы бузылған шахсларда, кәўипли топар (наркоманлар, мигрантлар, жеңил тәбиятлы ҳаяллар, жынысый жол менен жуғатуғын кеселликлер менен наўқасланғанлар ҳәм т.б.) контингентлеринде көбирек гезлесиўи, олардын басқаларға тез жуқтырыў мумкиншилиги себеп болмақта.

Соны да айтыўымыз зәрүр тери ҳәм силекей перделер пүтинлигиниң бузылыўы менен өткерилетуғын ҳәр түрли процедуралар, шаншыўлар (шаш-сақал алдырыў, тис алдырыў, қулақ тестириў, қан қуйыў, орган ҳәм тоқымаларды көширип өткериў, татиуровка, маникюр ислеў ҳәм т.б) бул кеселликтиң адамнан адамға өтиўине себеп болмақта.

АИВ/АИЖС вируслары тийкарынан адамның қан суйыклығында, сперма, қын суйыклығы ҳәм ана сүтинде көплеп ушырасады, бул суйықлықлар оғада қәўипли болып есапланады.

АИВ/АИЖС вируслары адамлар сүйискенде, қол берип сәлемлескенде, жөтелгенде, түшкириў ўақтында, аўқатланғанда, мәдений орынларда дем алғанда, суўда бирге шомылып, душ, ванна қабыллағанда, атмосфера ҳаўасы, хожалық буйымлары, ойыншықлар арқалы, шыбын-ширкейлер шағып алғанда ҳәм ҳайўанлар тислеп алғанда жуқпайды.

Айырым адамларда вирусларды жуқтырғаннан соң 8-10 ҳәпте өткеннен соң кеселликтиң биринши өткир клиникалық көринислер дәўири басланыўы мүмкин.

Бул дәўирде грипп кеселлигине уқсас белгилер ҳәлсизлик, иштейдиң болмаўы, көп терлеў, дене температурасының көтерилиўи, жөтел, лимфа безлериниң исиниўлери жүзеге келеди. Соның менен бирге, наўқас гепатит, туберкулез, дем алыў жоллары ҳәм асқазан-ишек жоллары кеселликлерине бейим болып қалады.Усы дәўирде териге дақ ҳәм бөртиклердиң шығыўы, узақ даўам етиўши иш өтиўи болыўы мүмкин.

Жоқарыда атап өтилген клиникалық белгилердиң қайсы кеселлик себепли пайда болыўын тек шыпакер ғана анықлай алады.

Егер, кимде-ким өзлеринде усындай кеселлик белгилерин сезсе яки  гүманланса Республикалык АИЖСке қарсы гүресиў орайы ҳәм оның Беруний, Әмиўдәрья, Хожели, Қоңырат, Шымбай ҳәм Төрткүл районларында жайласқан районлар аралық АИВ диагностика лабораторияларында  аноним түрде тексерилиў ҳәм тесттен алдынғы ҳәм тесттен кейинги мәсләҳәтлер алыў ҳуқықларына ийе.

АИВ инфекциясын ерте анықлаў ҳәр бир инсанның ден-саўлығының узақ ўақытлар жақсы сақланыўына жәрдем береди.

Сондай-ақ, АИЖСке қарсы гүресиў орайында сиз АИВ инфекциясына лабораториялық усыллар менен тексерилип, жоқары маманлықтағы кәнигелерден АИВ/АИЖС мәселелери бойынша зәрүр кеңеслер аласыз. Орайымызда сизлер аноним (ҳүжжетлер талап етилмей) түрде, бийпул тексериўлерден өтиў мүмкиншилигине ийесиз.

Орайда шыпакерлик сыр сақланыўына кепиллик бериледи.

Г. Ниязова,

Г. Хабипова,

Республикалық АИЖСке қарсы гүресиў Орайы шыпакерлери.

Қарақалпақстан хабар агентлиги