Қайырқомлық илажы өткерилди
436

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ басламасы менен басланған “Меҳир ҳәрекети” шеңбериндеги гезектеги акция Нөкис қаласы ҳәм Шымбай районында өткерилди.
“Вақф” қайырқомлық жәмийетлик фонды Қарақалпақстан Республикасы филиалыныӊ хызметкерлери қәўендерлер менен биргеликте Шымбай районындағы 22, Нөкис қаласындағы 3, жәми 25 кем тәмийинленген, бағыўшысынан айрылған, жәрдемге мүтәж шаӊарақтыӊ ҳал-жағдайынан хабар алды. Илаж даўамында бул шаӊарақларға азық-аўқатлық затлары, қысқы кийим–кеншеклер, балалар ойыншықлары тапсырылды. Соның менен бирге, 2 шаңарақтың перзентин кәсипке бағдарлаў мақсетинде “PROGRESS UP” оқыў орайында бийпул билим алыўы ушын сертификат тапсырылды.


Қарақалпақстан хабар агентлиги