Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги тәрепинен талантлы жасларды қоллапқуўатлаў, олардыӊ қәбилетлерин жүзеге шығарыў, сондай-ақ, елимизде миллий эстрада көркем өнерин раўажландырыў мақсетинде “Йош” эстрадалық жойбарына старт берилген еди.

Нөкис қаласындағы Қарақалпақстан көркем өнер сарайында усы жойбардыӊ дәслепки басқышы болып өтти. Оныӊ ашылыў салтанатында Қарақалапқстан Республикасы Мәденият министри Б.Темирбаев сөзге шығып, өткерилип атырған жойбардыӊ әҳмийетине тоқтап өтти ҳәм қатнасыўшыларға табыслар тиледи.

Жойбардыӊ дәслепки басқышында 150 ден аслам жаслар арасында өткерилген кастингтен табыслы өткен 20 жас еркин темада қосықлар атқарып, өз талантын сыннан өткерди. Оларды елимизге белгили тәжирийбели қәнигелерден ибарат төрешилер қурамы баҳалап барды.




– Жойбар елимизде миллий эстрада көркем өнерин раўажландырыўға ҳәм бул бағдарда жас талант ийелерининиӊ жетилисип шығыўына хызмет етеди,-дейди Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен артист, төрешилер қурамы баслығы Мақсет Өтемуратов.-Жанлы ҳаўаз, жанлы атқарыў ҳәм умытылмас мәўритлерге толы болған жойбардыӊ және бир әҳмийетли тәрепи қатнасыўшылар социаллық тармақлар арқалы халқымызға жақсы таныс блогерлер менен биргеликте ислеседи. Бул өз гезегинде  қатнасыўшылардыӊ өз талантын кеӊ жәмийетшиликке жақыннан таныстырыўға хызмет етеди.

– Қарақалпақстанда әмелге асырылып атырған биринши жойбардыӊ, биринши қатнасыўшылары қатарынан орын алғанымнан қуўанышлыман. Финалға жетип, жеӊимпаз болыўды мақсет еткенмен, -дейди жойбардыӊ он жети жасар қатнасыўшысы Оразбийке Жиенбаева.

Жойбардыӊ кейинги басқышы 17 қатнасыўшы менен даўам етеди. Онда қатнасыўшылардыӊ биреўи даўыс топлаў арқалы кейинги басқышта өз жүрисин даўам еттиреди. Жойбар  жеӊимпазын 30 миллион сум ақшалай сыйлық ҳәм жақсы жаӊалықлар күтпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги