Жол ҳәрекети қағыйдасын 31 мәрте бузған пуқарадан жәрийма өндирилди

312

Мәжбүрий орынлаў бюросы Төрткүл районы бөлими ҳәм Жол-патрул хызмети хызметкерлери менен биргеликте жол ҳәрекети қағыйдаларын бузған пуқаралардан жәрийма өндириў бойынша рейд илажлары өткерилмекте.

Мине, усындай илажлардың биринде өткен жыл даўамында 31 мәрте жол ҳәрекети қағыйдасын бузып, 17,9 миллион сумлық ҳәкимшилик жәрийма қолланылған Ш.А. исмли шахстың басқарыўындағы “LACETTI” маркалы автотранспорт қуралы иркиўге алынып, жәрийма майданшасына қойылды.

Мәжбүрий орынлаў бюросы Төрткүл районы бөлиминиң баслығы тәрепинен нызамбузыўшыға хатланған автотранспорт қуралы тийисли тәртипте баҳаланып, келешекте электрон онлайн-аукцион саўда майданшасы арқалы сатылыўы, оннан түскен пул қаржысы мәмлекеттиң бюджетине өткерилиўи ҳаққында түсиник жумыслары алып барылды. Буннан соң нызамбузыўшы өзине қолланылған 17,9 миллион сумлик 31 ҳәкимшилик жәрийманың барлығын сол күнниң өзинде төледи ҳәм автотранспорт қуралы ийесине қайтарып берилди.

Ҳәзирги ўақытта жол ҳәрекети қағыйдаларын бузғанлық ушын қолланылған ҳәкимшилик жәриймаларды өндириў жумыслары даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги