Пленумда әҳмийетли мәселелер додаланды

Нөкисте Өзбекстан “Адолат” СДП Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң Х Пленуми болып өтти.
Онда Өзбекстан “Адолат” СДП Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси Атқарыў комитетиниң 2023-жылда алып барған жумысларының есабаты, 2024-жылдағы жумысының тийкарғы бағдарлары ҳәм айырым районларда партия Кеңеси баслыкларының өзгериўине байланыслы республикалық Кеңестиң қурамына өзгерислер киргизиў ҳаққындағы тийкарғы мәселелер көрип шығылды.
Атап өтилгениндей, ϴзбекстан “Адолат” СДП Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси 2023-жылдағы жумысын Президентимиздиң 2022-жыл 28-январьдағы “2022-2026 жылларға мөлшерленген Жаңа ϴзбекстанның раўажланыў стратегиясы ҳаққында”ғы пәрманы, 2023 – жылда режелестирилген илажлар ҳәм “Адолат” ҳәр бир инсан ушын” сайлаўалды бағдарламасында белгиленген ўазыйпалар тийкарында алып барды.
Партия қурамына өткен 2023-жыл даўамында республика бойынша жаңадан 12 басланғыш партия шөлкеми қосылып, 3493 жаңа ағза қабыл етилди.
Бүгинги күнде партия Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде 5 депутатлық, қалалық ҳәм районлық Кеңеслерде 61 депутатлық орнына ийе.
2023-жыл даўамында қалалық ҳәм районлық Кеңеслердиң сессиялары күн тәртибине 108, турақлы комиссиялар мәжилислеринде 103, Жоқарғы Кеңес сессиялары күн тәртибине 2, комитетлеринде 6 мәселе көрип шығылды. Сондай-ақ, сайлаўшылардың мүрәжаты тийкарында 112 депутатлық сораўы жиберилип, 46 лаўазымлы шахстың есабаты тыңланды.
Халықтың сиясий-ҳуқықый билимин ҳәм мәдениятын жетилистириўге қаратылған “Адолат сиясий-ҳуқықый оқыўлар күни” жойбары тийкарында ҳәр ҳәптениң сийшенби күни қала ҳәм районлардағы пуқаралар жыйынларында халықтың кең қатламын тартқан ҳалда сиясий-ҳуқықый оқыўлар шөлкемлестирилди. Сондай-ақ, “Машқала менен жүзбе жүз” жойбары тийкарында республикамыз бойынша 251 пуқаралар жыйыны, 2395 шаңарақ ҳәм 220 хожалық жүргизиўши субъект үйренилди. Ушырасыўлар даўамында пуқаралар тәрепинен 264 мүрәжат келип түсип, олар бойынша тийисли шөлкемлерге 24 депутатлық сораўы жиберилди. 148 мүрәжат тийисли уйымлар менен биргеликте өз орнында шешимин тапқан болса. 99 мүрәжаттың ийелерине ҳуқықый мәсләҳәт берилди. Пуқаралардың бәнтлигин тәмийнлеўге қаратылған “Бир айда бир жумыс орны” жойбары бойынша жами 86 пуқара жумыс пенен тәмийинленди.
Усындай жетискенликлер менен бир қатарда 2023-жылда жол қойылған кемшиликлер сынға алынып, быйылғы “Жаслар ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў жылы”нда әмелге асырылыўы тийис болған илажлар, сайлаўшылар ҳәм электорат ўәкиллериниң исенимин ақлаўға қаратылған тийкарғы ўазыйпалар белгиленди.


Пленумда күн тәртибиндеги мәселелер бойынша тийис қарар қабыл етилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги