Швейцарияның Лозанна университети илимпазлары Европа Алп таўларындағы муз көлеми әсир орталарына келип 34 процентке қысқаратуғынын ескертти. Муздың жоқ болыўы бәри бир жүз береди, ҳәттеки глобал ысыў пүткиллей тоқтаса да, дейди олар.

Жасалма интеллекттен пайдаланған илимпазлар Алп музлыкларының келешегин болжаў ушын климат моделлерин ислеп шықты. Бир сценарийде глобал ысыў 2022-жылы тоқтаған. Бирақ соған қарамастан, музлыклар климат-музлықлар системасындағы инерция себепли массасын жоғалтады.

Бирақ, бул оптимистлик сценарий болып, әмелге асыў итималы төмен. Ҳақыйқый прогноздың көрсетиўи бойынша, егер кейинги 20 жыл ишинде түпкиликли өзгерислер болмаса, музлықлар көлеминиң 46-65 процентин жоғалтады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги