Өзбекстанның жаңа тайынланған Айырықша ҳәм Толық ҳуқықлы елшиси Сардор Рустамбоев Ҳиндстан пайтахтына келди. Бул ҳаққында «Дунё» хабар бермекте.
Дипломат 45 жаста. Бирмингем университети (Уллы Британия), Ташкент мәмлекетлик шығыстаныў университети, Лондон университетиниң (Уллы Британия) Шығыс ҳәм Африка изертлеўлери мектеби, Өзбекстан Президенти жанындағы Мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик қурылыс академиясын питкерген. Сиясий илимлер кандидаты илимий дәрежесине ийе.
Сыртқы ислер министрлиги системасында 2000-жылдан берли жумыс ислеп келмекте. Ол орайлық аппаратта атташедан баслап бөлим баслығына шекемги түрли лаўазымларда жумыс ислеген. Өзбекстанның Уллы Британиядағы елшиханасы ҳәм Шанхай бирге ислесиў шөлкеми (Пекин қ., Қытай) секретариятында ислеген. 2018-2023-жыллары мәмлекетимиздиң Франциядағы елшиханасына басшылық еткен.
Сардор Рустамбоев 2020–2023-жыллары Делидеги Елшиханаға басшылық еткен ҳәм 2023-жылы сентябрь айында Өзбекстанның Германиядағы елшиси етип тайынланған Дилшод Ахатовтың орнына тайынланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги