Қарақалпақстан чемпионаты жеңимпазлары анықланды

Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, Қарақалпақстан Республикасы шахмат федерациясы ҳәм Арал Чесс шахмат клубы тәрепинен спорттың шахмат түри бойынша Қарақалпақстан Республикасы чемпионаты шөлкемлестирилди.
Республикамыздың барлық аймақларынан ең күшли шахматшылар қатнасқан бул чемпионат үш күн даўам етти.
Беллесиўлер жуўмағында, ерлер арасында биринши орынды Жамшид Айтымбетов ийелеген болса, екинши ҳәм үшинши орынлар Рахматжан Рахимов ҳәм Зинатдин Кәримбаевларға несип етти.
Ал, ҳаял-қызлар арасында болса, барлық қарсыласларын жеңип шығыўға миясар болған Юлдуз Артықбаева жарыс жеңимпазына айланды.
Республикамызға белгили шахматшылар Гөзел Оразмухаммедова ҳәм Севинч Сафарбаевалар сыйлы орынлар менен шеклениўге мәжбүр болды.
Чемпионат соңында жеңимпаз спортшылар шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы