Олий Мажлис Сенаты Баслығының басшылығындағы Өзбекстан делегациясы әмелий сапар менен Лондон қаласында болып тур

162

Олий Мажлис Сенаты Баслығының басшылығындағы Өзбекстан делегациясы Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки (ЕТРБ) тәрепинен өткерилип атырған «Жаңа Өзбекстан: раўажланыў ушын жаңа имканиятлар ҳәм социаллық шериклик» атамасындағы халықаралық форумда қатнасыў ушын әмелий сапар менен Уллы Британияның Лондон қаласында болып тур.

Өзбекстан ҳәм Уллы Британия арасындағы байланысларда жоқары дәрежедеги сиясий ҳәм дипломатиялық, өз-ара пайдалы бирге ислесиў ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыў ушын салмақлы потенциал бар екенин атап өтиў керек.

Усы көзқарастан сапардың биринши күни Сенат Баслығы бир қатар еки тәреплеме ушырасыўлар өткерди.

Британияның ҳаял-қызлар ислери бойынша министри Мария Колфилд пенен болып өткен сөйлесиўде гендер теңликти тәмийинлеў ҳәм ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен имканиятларын кеңейтиў бағдарында еки мәмлекет арасында бирге ислесиўди жолға қойыў мәселелери додаланды.

Атап айтқанда, ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, шаңарақтағы зорлыққа қарсы гүресиў, климат өзгериўиниң ҳаял-қызлардың турмыс сапасына тәсирин азайтыў бағдарларына итибар қаратылды.

Ҳаял-қызлар исбилерменлигин қоллап-қуўатлаў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, ҳаял-қызлардың турмыс ҳәм мийнет шараятларын жақсылаў ҳәм «СТЕМ» бағдарламасы арқалы қызлар ушын сапалы, арзан билим бериў бағдарында өз-ара тәжирийбе алмасыў мақсетинде биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў бойынша пикир алысты.

М.Колфилд Жаңа Өзбекстанның ҳаял-қызларының мәмлекет турмысындағы сиясий, экономикалық ҳәм социаллық белсендилигин хошаметлеў бағдарындағы ҳәрекетлери стратегиялық әҳмийетке ийе екенин атап өтти. Ол кейинги жылларда ҳаял-қызларды кемситиўдиң барлық түрлерин сапластырыў ҳәм гендер теңликти тәмийинлеў бағдарында ерисилген нәтийжелерди жоқары баҳалады.

Ушырасыў жуўмағында еки мәмлекеттиң тийисли министрликлери ҳәм уйымлары арасында өз-ара пайдалы бирге ислесиўди жеделлестириўге келисип алынды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги