Өзбекстан ҳәм Уллы Британия парламентлери арасындағы бирге ислесиў және де раўажландырылады

152

Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Норбоева Лондон қаласында Уллы Британия Парламентиниң Лордлар палатасы спикери Жон МакФолл менен ушырасты.

Өзбекстан ҳәм Уллы Британия арасындағы сиясий-дипломатиялық сөйлесиўди кеңейтиў, парламент дипломатиясын жеделлестириў, саўда-экономикалық байланысларын жаңа түрге енгизиў ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўлардағы бирге ислесиўди раўажландырыў сыяқлы мәселелер сөйлесиўдиң тийкарын қурады.

Дәслеп, кейинги жылларда Өзбекстанда инсан ҳуқықлары менен мәплерин тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар, жәмийетти және де демократияластырыў ҳәм социаллық-экономикалық реформаларды раўажландырыўға қаратылған «Өзбекстан – 2030» стратегиясы бойынша толық мағлыўматлар берилди.

Сөйлесиў ўақтында мәмлекетлеримиз арасында экономикалық шерикликти раўажландырыўға тийкарғы мәселе сыпатында қаралатуғыны, саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық байланысларды кеңейтиў мәмлекетлеримиз ушын пайдалы екени, онда Өзбекстан-Британия инвестициялық форумы еки тәреплеме бирге ислесиўдиң перспективалы бағдарларын раўажландырыў ушын нәтийжели платформаға айланғаны айрықша атап өтилди.

Өз-ара инвестицияларды тартыў, экономиканың түрли тармақлары арасындағы байланыслар көлемин кеңейтиў, билимлендириў, технологиялар тараўында бирге ислесиўди күшейтиў бағдарында еки мәмлекет парламентлериниң имканиятларынан кеңнен пайдаланыў бойынша пикир алысты.

Уллы Британия ҳәм Өзбекстанда, улыўма етип айтқанда, дүнья жүзинде жүз берип атырған өзгерислерди есапқа алған ҳалда парламентлераралық сөйлесиўди жеделлестириўге айрықша итибар қаратылды.

Атап айтқанда, нызамларды қабыллаў, парламентлик қадағалаўды әмелге асырыў бағдарларында тәжирийбе алмасыў, өз-ара байланыс ҳәм жақын қатнасықларды беккемлеў ушын еки мәмлекет парламентлери ағзаларының сапарларын әмелге асырыў, сондай-ақ, халықаралық парламент структуралары шеңберинде конструктивлик бирге ислесиўди жолға қойыў зәрүр екени атап өтилди.

Ушырасыў жуўмағында өткерилген сөйлесиў ҳәм ерисилген келисимлер нәтийжелеринен келип шығып, бирге ислесиў бойынша әмелий илажлар режесин ислеп шығыўға келисип алынды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги