Халыққа ишимлик суў қалай жеткерилмекте?

«Қарақалпақ суў тәмийнаты» акционерлик жәмийети тәрепинен ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ушын баспасөз конференциясы өткерилип, онда усы акционерлик жәмийеттиң бас инженери А.Қожамбергенов, директордың экономика мәселелери бойынша орынбасары М.Нийетуллаевлар шығып сөйлеп, өткен 2023-жыл даўамында әмелге асырылған жумыслар бойынша мағлыўмат берилди.
Қарақалпақстан Республикасында 2024-жылдың 1-январь жағдайына жәми 1 миллион 994 мыңнан аслам адам жасап, соннан 1 миллион 444 мыңнан асламы орайласқан ишимлик суўы менен тәмийинленген. Яғный, бул халықтың 72,4 процентин қурайды. Сондай-ақ, ақаба суў хызмети менен тәмийинленгенлик дәрежеси 5,4 процентти қурайды.
Ишимлик суўы тармақларының улыўма узынлығы 7608,1 километр, ал ақаба суў тармақларының узынлығы 218,9 километрди қурайды.
Республикамызды ишимлик суў менен тәмийинлеўши 3 ири суў тазалаў қурылмасы болып, бириншиси «Түйемойын» суў тазалаў қурылмасы (қуўатлылығы суткасына 140,0 мың м3) Әмиўдәрьяның оң жағасындағы Төрткүл, Беруний, Елликқала, Әмиўдәрья, Нөкис, Кегейли, Шымбай, Қараөзек, Тахтакөпир районларына ҳәм Нөкис қаласына узынлығы 356 километр, Д=1020-1420мм. болған «Түйемойын-Нөкис-Тахтакөпир» суў қубырлары арқалы суў жеткерип береди. Бул қурылма, бийиклиги 220 метрди қурайтуғын «Султанувайстаў» таў дизбеги арқалы суўды асырып өткерип бериўши қуўатлылығы саатына 4100 киловатлық ҳәм саатына 3600 м3.лық 6 насос арқалы ишимлик суўды жеткерип береди.
Екиншиси «Тақыятас» суў тазалаў қурылмасы (қуўатлылығы суткасына 60,0 мың м3) Әмиўдәрьяның шеп жағасындағы районларды, яғный Тақыятас, Хожели, Қанлыкөл, Шоманай, Қоңырат ҳәм Мойнақ районларына узынлығы 197,6 километрлик, Д=1000-600-500-450-355 миллиметрлик суў қубырлары арқалы суў жеткерип береди.

Үшиншиси «Нөкис» суў тазалаў қурылмасы (қуўатлылығы суткасына 65,0 мың м3) Нөкис қаласын таза ишимлик суўы менен тәмийинлейди.
– Буннан тысқары, ҳәр бир қала ҳәм район орайларына, аўыллық елатлы пунктлердиң турғынларына ашық суў ҳәўизлери ҳәм жер асты суў дәреклеринен 305 орындағы суў объектлери арқалы ишимлик суўы жеткерилип бериледи,-дейди усы акционерлик жәмийеттиң бас инженери А.Қожамбергенов.
«Қарақалпақ суў тәмийнаты» АЖ жанында «1051» қысқа телефон номери арқалы 24 саатлық авария-тиклеў диспетчерлик хызмети жумыс ислемекте.
Келип түскен мүрәжатларды өз ўақтында орынлаў ҳәм авариялық жағдайларды сапалы түрде сапластырыў мақсетинде 76 қәнигеден ибарат 19 авариялық бригадалар дүзилген. Бул бригадаларға 47 арнаўлы техника бириктирилген.
«Қарақалпақ суў тәмийнаты» АЖ тәрепинен 2023-жылда 40,8 миллион метр куб ишимлик суўы ислеп шығарылды ҳәм тутыныўшыларға жәми 28,5 миллион метр куб ишимлик суўы жеткерип берилди. Суўдың ысырап болыўы 30,2 процентти қурады.


Халыққа жеткерип берилип атырылған ишимлик суўдың сапасы Қарақалпақстан Республикасы санитариялық-эпидемиялогиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы басқармасы менен келисилген график тийкарында қалалық ҳәм районлық лабораториялар тәрепинен суў сынамалары алынып, химиялық ҳәм бактериологиялық анализлер тийкарында Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик стандарты O’zDst 950:2011 «ишимлик суўы» гигенанық талаплары ҳәм сапасын қадағалаў нормаларына сәйкеслиги үзликсиз түрде тексерилип барылмақта.



Баспасөз конференциясында халыққа жеткерип берилип атырған ишимлик суўының өзине түсер баҳасы жоқары екенлиги, суўды ысырап етпеў, арзан баҳада жеткерип берилип атырған суўдың қәдирине жетиў, бул бағдарда халық арасындағы үгит-нәсият жумысларын еле де кеңейтиў бойынша пикир-усыныслар билдирилип, қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.



Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.
М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери