Аўыл халқының мүшкили жеңиллеспекте

Соңғы жыллары медицина тараўына қаратылып атырған итибар нәтийжесинде, ең алыс аймақларда жасаўшы аўыл турғынларына да басланғыш медициналық хызметлер көрсетилип, бул аймақ халқының мүшкилин жеңил етпекте.
-Бозатаў районлық медицина бирлеспесине қараслы Қарақалпақ шаңарақлық шыпакерлик пункти Көксуў аўыл пуқаралар жыйыны орайында жайласқан болып, ол төрт мыңнан аслам аймақ турғынларына хызмет етип келмекте,-дейди усы пункт меңгериўшиси Гүлзада Қошетерова.-Пунктимизде ҳаял-қызлар мәсләҳәтханасы, 5 койкалы күндизги амбулоториялық емлеўхана ҳәм биохимиялық анализлерди анықлаўшы лаборатория ислеп тур. Сондай-ақ, аўыл халқы елимиз басшыларының ғамқорлығы менен 124 түрдеги бийпул дәри-дәрмақлар менен тәмийинленбекте.

Соның менен бирге, пункт жанында Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем орайының шақапшасы халыққа хызмет көрсетип келмекте. Бул болса, аўыл халқына жаратылған кең қолайлылықлардың айқын көриниси болып табылады.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы