Омбудсман: Пуқаралардыӊ бузылған ҳуқықларын тиклеў бойынша 170 тәсир илажы көрилди

Олий Мажлистиӊ Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (Омбудсман) жанындағы Инсанныӊ конституциялық ҳуқықлары ҳәм еркинликлерине әмел етилиўи бойынша комиссия ағзаларыныӊ гезектеги мәжилиси болып өтти.
Олий Мажлистиӊ Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (Омбудсман) Феруза Эшматова мүрәжатлар менен ислесиў системасы толық санластырылғанын атап өтти.
Бул мәмлекетимиз басшысыныӊ 2023-жыл 25-майдағы “Санлы хызметлердиӊ қамтыўын ҳәм сапасын арттырыў ҳәм тараў, тармақ ҳәм аймақларды санлы трансформациялаў илажлары ҳаққында”ғы қарарына муўапық әмелге асырылды.
Ҳәзирги күнде мүрәжатшыларға және қосымша имканиятлар жаратыў мақсетинде Омбудсманныӊ мобиль қосымшасы үстинде жумыс алып барылмақта. Онда пуқараларға онлайн мәсләҳәт бериў, мүрәжаттыӊ орынланыў жағдайын онлайн түрде мониторинг етип барыў, мобиль қосымша арқалы мүрәжаттыӊ орынланыўы бойынша шөлкемлерден жиберилген жуўап хатлар, статистикалық мағлыўматлар менен танысыў, сораўнамалар өткериў сыяқлы хызметлер енгизилиўи нәзерде тутылған.
2023-жылы Омбудсманға Өзбекстан Республикасы пуқаралары, сырт мәмлекетлер пуқаралары ҳәм омбудсманлары, пуқаралығы болмаған шахслар, жәмийетлик шөлкемлер ҳәм басқа юридикалық тәреплерден келип түскен мүрәжатлар 18 мыӊ 622 ни қураған.
Мүрәжатлардыӊ 15 мыӊ 934 и пуқаралардан, 2 мыӊ 662 си қамақтағылар ҳәм олардыӊ жақынларынан, 26 сы сырт ел пуқаралары ҳәм сырт мәмлекетлердиӊ омбудсманларынан келип түскен.
Омбудсман тәрепинен мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерге, судларға пуқаралардыӊ бузылған ҳуқықларын тиклеў бойынша 170 тәсир илажлары түриндеги ҳүжжетлер, атап айтқанда, 35 усыныснама, 37 жуўмақ ҳәм 98 арза ҳәм шағым арзасы киргизилген. Бул көрсеткиш 2022-жылға салыстырғанда 28 процент, 2021-жылға салыстырғанда 81 процентке көп.
Мүрәжатларды көрип шығыў ҳәм тәсир илажларын қолланыў нәтийжесинде пуқаралар ҳәм қамақтағылар ҳәм олардыӊ жақынлары пайдасына жәми 2 миллиард 130 миллион сум өндирилген. Соннан, 1,1 миллиард сум мийнет ҳақы ҳәм мийнет қатнасықларына туўра келген.
Сондай-ақ, 38 пуқара жумысқа қайта тикленген, 23 пуқара жумыс пенен тәмийинленген, Омбудсман мүрәжатларына тийкарланып Мәмлекетлик мийнет инспекциялары тәрепинен судларға 11 шағым арзасы киргизилген.
Омбудсман комиссия ағзаларын мүрәжатлар менен ислесиў, қыйнаўлардыӊ алдын алыў, мониторинг ҳәм ҳуқықый таллаў, халықаралық бирге ислесиў, ҳуқықый үгит-нәсиятлаў ҳәм ғалаба хабар қураллары менен ислесиў бағдарындағы жумысы менен таныстырды.
Омбудсман жанында дүзилген илимий-мәсләҳәт кеӊеси ағзалары ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери де қатнасқан мәжилисте күн тәртибине қойылған барлық мәселелер бойынша анық усыныслар билдирилди ҳәм комиссияныӊ тийисли қарары қабыл етилди.
Норгул АБДУРАИМОВА,
ӨзА