Алкоголь өнимлерин ислеп шығарыўшы жасырын цех анықланды

Бас прокуратура жанындағы Департаменттиң Төрткүл районы бөлими тәрепинен Ишки ислер бөлими хызметкерлери менен биргеликте өткерилген оператив илаж даўамында алкоголь өнимлерин ислеп шығарыўшы жасырын цех анықланды.
Атап айтқанда пуқара С.С. Шорахан аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы пуқараның үйинде жасырын цех ашып, пайдаланыўға жарамсыз “QARATAW” алкоголь өнимлерин ислеп шығарып атырғаны мәлим болды. Оператив илаж даўамында бул үйден 912 дана жасалма акциз марка, 378 дана таяр өним, 240 литр алкоголь өними, 172 дана маркировка, 45 литр спирт ҳәм басқа товар-материаллық байлықлар айғақлы зат ретинде алынды.
Бул жағдай бойынша Жынаят кодексиниң тийисли статьялары менен жынаят иси қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги