Өзбекстан парламенти ўәкиллери Европа парламенти депутатлары менен ушырасты

138

Өзбекстан Олий Мажлиси ўәкиллеринен ибарат Өзбекстан делегациясы Францияныӊ Страсбугр қаласында Европа парламенти ўәкиллери менен ушырасыўлар өткерди.

Сапар даўамында Европа парламенти депутатларыныӊ қатнасыўында “Өзбекстан ҳәм Европа парламенти арасындағы байланыс ҳәм бирге ислесиўди және де жеделлестириў перспективалары” темасында дөгерек сәўбети болып өтти.

Илажда 30ға шамалас Европа парламенти депутатлары, сондай-ақ, түрли парламент фракцияларыныӊ сиясий мәсләҳәтшилери қатнасты.

Дөгерек сәўбети қатнасыўшыларына “Жаӊа Өзбекстан – 2030” стратегиясыныӊ тийкарғы бағдарлары, жаӊаланған Конституцияныӊ мазмун-мәниси ҳаққында мағлыўмат берилди. Сондай-ақ, Европа Аўқамы менен көп тәреплемели өз-ара пайдалы бирге ислесиўдиӊ әҳмийетли бағдарлары ҳаққында пикир алысылды.

Европарламент депутатлары кейинги жыллары Өзбекстандағы өзгерис ҳәм жаӊаланыўлардан жақсы хабардар екенин, әмелге асырылып атырған демократиялық реформаларды қоллап-қуўатлайтуғынын билдирди.

Сондай-ақ, Өзбекстан делегациясыныӊ Страсбург қаласына сапары шеӊберинде Женева дипломатиялық корпусы президенти Роберт Блумныӊ “Өзбекстан – Орайлық Азия дүрданасы” китабыныӊ презентациясы өткерилди.

Норгул АБДУРАИМОВА,

ӨзА